Ислеп шығарылғанынан еки жылдан көп болмаған ҳәм баҳасы 40 мың долларға тең болған жеңил автомобильлерди 2019-жылдың 1-январынан баслап бажыхана төлемлерисиз алып кириў мүмкин болады, деп жазады Daryo.uz Spot басылымына тийкарланып.

Оларға бажыхана баҳасынан 20 процентлик муғдарда акциз салығы қолланылады.

Бул Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев қол қойған «Сыртқы экономикалық хызметти ҳәм бажыхана-тариф системасын және де жетилистириў ҳаққында»ғы қарарының қосымшасында нәзерде тутылған.

Басқа автомобильлерге бажы төлеми ҳәм акциз салығы өзгериссиз қалды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги