Бельгияда орта мектепти бир ярым жылда питкерген 8 жаслы бала университетте оқыўын даўам еттиретуғын болды.

ВВСдиң мағлыўматларына қарағанда, 6 жыллық улыўмалық билимди бир ярым жылда жуўмақлаған Лаурент Симонс енди жоқары оқыў орнында оқыйды. Лауренттиң билим дәрежеси IQ тести бойынша 145 баллға тең болған.

Бельгияның «RTBF» радиосына интервью берген Лаурент ең унатқан пәни математика екенлигин айтып өткен. Келешекте шыпакер ямаса космонавт болыўды әрманлайды.

Баланың әкесиниң айтыўынша, ол ҳеш қашан ойыншықлар менен ойнамаған.

– Балам келешекте зергер боламан десе де, оның зергер болатуғынлығына исенемен, – дейди Симонстың әкеси.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.