Жақында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Хожели Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары тәрепинен елимиз ғәрезсизлигиниң 26 жыллық байрамына бағышланып «Балаларға берейик дүньяны» атамасында концерт бағдарламасы  болып өтти.

Оған пайтахтымыздағы улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, республикамыздағы меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Концертте бир неше республикалық ҳәм халықаралық таңлаўлар лауреаты болған Хожели районындағы Меҳрийбанлық үйиниң «Таң ғумшалары» ансамбль жәмәәти өзлериниң репертуарындағы  «Андижан полка»сы, «Айдар той», «Жигитлер» қосықлары ҳәм аяқ-ойынлары, орыс, украин, түркмен, қазақ, әзербайжан, грузин ҳәм басқа да халықлардың миллий қосықлары ҳәм аяқ-ойынларын жыйналғанлар нәзерине усынды ҳәм айрықша кейпият оятты.

«Карс» ансамбли атқарыўындағы бийтәкирар ҳәм рәң-бәрең музыкалық композициялар залға жыйналғанлардың тынымсыз шаппатлаўы астында жаңлап турды.

Жыйналғанлар театр фойесине «Меҳрийбанлық үйи» тәрбияланыўшылары тәрепинен исленген ҳәр қыйлы қуўыршақлар, сүўретлер, сувенирлик саўғалар, миллийлигимиз сәўлеленген костюмлар, мектеп формаларын тамашалады.

Концерт бағдарламасында белсене қатнасқан қатнасыўшыларға саўғалар тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги