Ҳәзирги ўақытта 8 секундқа да бармай қәлеген орында сүўретке түсириўди әмелге асыратуғын  фотоаппараттың ең биринши әўладында сүўретке түсиў ушын  адамлар 8 саат даўамында оның алдында турыўы керек болған.

***

Франция немис басқыншылары менен байланысы болған ҳәр бир адамды жазалайтуғын еди. Сол дәўирдеги ең көп тарқалған  жазалардан бири шашты кәл етип алып таслаў болған.

***

Пышықлар  33 түрли жәниўар түрин жоқ етип жиберген . Олар қуслардың, кемириўшилердиң, насекомалардың ҳақыйқый қырыўшысы болып табылады.

***

«Дүньядағы биринши санлы ақмақ»! Белгили боксшы Флойд Майвейзерге бундай тәрип 18 миллион долларлық саат сатып алғанынан кейин берилди. 260 карат бириллианты бар саатты сатып алғаны ушын Майк Тайсон Майвейзерди солай атады.

 

Топлаған: Нурлыбек Жамалов,

ҚМУ журналистика бағдарының 3-курс студенти.