Шылым (кальян) ҳәм электрон сигареталарды шегиў мүмкин болмаған жәмийетлик орынлардың қурамы анықластырылмақта. Атап айтқанда, клубларда, дискотекаларда, компьютер залларында, музейлерде, мәлимлеме-китапхана мәкемелеринде, кинотеатрларда, театрларда, цирклерде, концерт ҳәм көргизбе залларында, жер асты өтиў орынларында, транспорт бәндиргилеринде, көп этажлы үйлердиң подъездлеринде, бағларда, көшелерде ҳәм басқа жәмийетлик орынларда шегиўге жол қойылмайды. Бул ҳаққында сенатор Гавҳар Алимоваға тийкарланып Kun.uz хабар бермекте.

28-июнь күни өз жумысын баслаған Өзбекстан Республикасы Сенатының XV улыўмалық мәжилисинде сенаторлар «Жәмийетлик орынларда шылым ҳәм электрон сигареталарды шегиў ҳаққында»ғы нызамды мақуллады.

Додаланып атырған нызам исбилерменлик субъектлерине жаңа миннетлемелерди жүклеп атырғанлығы ҳәм олардың жуўапкершилигине байланыслы жаңа илажларды белгилеп атырғаны себепли «Исбилерменлик жумысы еркинлигиниң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамға муўапық рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өтип күшке киреди.

Мағлыўматларға қарағанда, шылым шегиў жүрек-қан тамыр кеселликлери, рак, инфекцияларды келтирип шығарыўы, сондай-ақ, туўылажақ балалардың денсаўлығына қәўипли екенлиги анықланған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги