Буннан алдыңғы материаллардың биринде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң коллегия мәжилисинде Өзбекстан Республикасы бойынша онкологиялық кеселликлердиң жағдайы туўралы салыстырмалы мағлыўматлар берилип, онда Қарақалпақстанда рактиң айырым түрлери менен кеселлениў дәрежеси айрықша жоқары екенлиги атап өтилгени ҳаққында сөз еткен едик.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстанда көкирек бези раги (мастопатия) 18 жастан 45 жасқа шекемги аралықтағы ҳаял-қызларымыз арасында көбирек ушырасып атыр. Ҳәзирги күнде жатыр мойны қәўипли өспе кеселлиги менен 529 ҳаял-қыз диспансерлик есапқа алынған болып, соның 50 проценттен асламы аўыллық жерлерде жасайды. Сондай-ақ, республикамызда асқазан раги ең көп ушырасып атырған қәўипли өспе кеселликлеринен бири болып табылады.

Республика аймағында рак кеселликлериниң көбейип атырғаны себеплери туўралы Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Данияр Ходжиев төмендегише түсиник берип өтти:

Ҳәзирги ўақытта қәўипли өспе кеселлиги тек республикамызда емес, ал, пүткил дүнья жүзинде кең ҳәўиж алып атырған кеселликлердиң бири болып табылады. Әсиресе, медицина тилинде адамның папиллома вирусы (АПВ) деп аталатуғын жатыр мойны раги кеселлиги кең тарқалып, ҳаял-қызлардың өмир сүриў көрсеткишиниң төменлеп кетиўине себеп болмақта. Сол себепли бул кеселликке қарсы шаншыўды әмелге асырыў ушын дүньяның 86 мәмлекети Миллий шаншыў календарына АПВ вакцинасын енгизди. 144 мәмлекетте болса, АПВ ға қарсы шаншыў төлемли әмелге асырылады. Бул илажлар Австралияда өзиниң жақсы нәтийжесин берип, қыз ҳәм ер балалардың жыныслық ағзаларында қәўипли өспе кеселлиги басланыўының ҳәм раўажланыўының 100  процентке төменлеўине ерисилген. Бул мәмлекетте тек ғана қыз балалар емес, ал, ер балалар да АПВ ға қарсы шаншылады.  Себеби, адамның папиллома вирусы қызларда жатыр мойны рагин келтирип шығарса, ер балаларда жыныслық ағзалар раги, анальлық рак ҳәм тағы басқа түрдеги қәўипли өспе кеселликлери менен наўқасланыўға алып келеди. АПВ ға қарсы шаншыўды жыл басында қабыл етилген шаншыў режесине бола, Өзбекстанның да Миллий шаншыў календарына енгизиў режелестирилген. Яғный, республикамыздағы 9-12 жас арасындағы қыз-балаларды жатыр мойны раги кеселлигине қарсы шаншыў әмелге асырылады. Бул илажларға экономикалық себеплер де, шаншыўға қарсылық ететуғын ата-аналар да кесент етпейди, деп үмит етемиз.

Қәўипли өспе кеселликлеринен саўалланыў адамның жасына емес, бул кеселликтиң қайсы басқышта анықланғанына байланыслы болып, ерте анықланса ҳәр қандай рактиң де даўасы бар. Республикамыздағы емлеў-профилактикалық мәкемелердеги рентген, ультрасес ҳәм фиброгастродуоденоскоп аппаратларынан жылына бир мәрте тексериўден өткен пуқараларымызда, жатыр мойнынан сүртпе алыў жолы менен медициналық тексериўден өткен ҳаял-қызларымызда бул кеселликлерди ерте анықлаў имканияты жоқары болады.

Дурыс, бүгинги күнде АПВ көбирек 40 жастан 50 жасқа шекемги ҳаял-қызларымыздың арасында ушырасып атыр. Бирақ, көбирек бул кеселликке алып келетуғын қәўипли факторлар болып ерте ҳәмиледарлық, ерте (16 жаста) ҳәм көп туўыўшылық, жатыр мойнының жарақатланыўы (тез-тез аборт ислетиў), исиниўи ҳәм тери кеселликлери хызмет етпекте. Жатыр мойны рагиниң алдын алыў ушын биринши гезекте усы факторларға қарсы гүресиўимиз ҳәм ҳаял-қызларымыз арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўимиз керек.

Егер де усы жастағы ҳаялдың рак екенлиги анықланса, оған Ташкент қаласына барып емлениўи ушын бийпул жолланба бериледи.

Жақында Президентимиздиң 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасында онкология хызметин және де раўажландырыў ҳәм халыққа онкологиялық хызмет көрсетиўди жетилистириў илажлары ҳаққындағы қарары қабыл етилди. Қарарға бола, алыс аймақлардағы онколог шыпакерлердиң билимин жетилистириў ҳәм емлеўханалардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў жумыслары әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасындағы барлық районларда Ташкент қаласынан келген тийисли қәнигелер менен биргеликте тәжирийбе сабақлары, семинар ҳәм тренинглер өткерилип, наўқаслар медициналық тексериўден өткерилип атыр. Кадрлардың билимин ҳәм тәжирийбесин арттырыў мақсетинде сырт еллердиң клиникалары менен шәртнамалар дүзилип, олардың қәнигелери мастер-класслар өткермекте. Мысалы, 2018-жыл 8-9-январь күнлери Москва қаласында жайласқан Н.Н.Блохин атындағы миллий медицина изертлеў онкология орайы вертеврал хирургия бөлими меңгериўшиси, медицина илимлериниң докторы, профессор Эльмар Мусаев елимизде болып, республикамыздың онколог шыпакерлери ушын мастер-класс шөлкемлестирди. Бир наўқасқа операция иследи, 14 наўқасты медициналық тексериўден өткерди.

Республика онкология диспансерине 2017-2018-жыллар даўамында Ирландия, Германия, Қубла Корея мәмлекетлеринен Тур аппараты, фибробронхоскоп, фиброколоноскоп, компьютер томограф сыяқлы бир қанша жоқары технологиялы үскенелер алып келинип, бүгинги күнде онкологиялық кеселликлерди ерте басқышларда анықлаўда ҳәм емлеўде қолланылып келинбекте.

Республикамызда мәжбүрий шаншыўды, медициналық тексериўден өткериўди ҳәм т.б. илажларды енгизиў менен биргеликте пуқараларымыздың өзлеринен де инта, денсаўлығына итибар талап етиледи. Аўырыўды асқындырып алмай, шыпакерге көриниў ҳәр биримиздиң миннетимиз болыўы тийис.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.