Усы жыл 22-июнь күни БМШ Бас Ассамблеясының жалпы мәжилисинде «Орайлық Азия регионында тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў бойынша регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў» резолюциясы қабыл етилди. Жойбары Өзбекстан тәрепинен Орайлық Азиядағы қоңсылас еллер менен биргеликте ислеп шығылған бул ҳүжжетти БМШқа ағза барлық мәмлекетлер бир даўыстан қоллап-қуўатлады.

Резолюцияның қабыл етилиўи Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2017-жыл сентябрь айында Нью-Йоркта болып өткен БМШ Бас ассамблеясының 72-сессиясында алға қойылған басламаның әмелий орынланыўы болып табылады. Өзбекстан басшысы өзиниң шығып сөйлеўинде 2017-жыл ноябрь айында Самарқандта Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң қәўендерлигинде Орайлық Азия бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық әнжуман өткерилиўин мәлим етип, оның жуўмақлары бойынша Орайлық Азия мәмлекетлериниң қәўипсизликти тәмийинлеў ҳәм регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўға байланыслы арнаўлы резолюциясын қабыл етиўди усыныс етти.

Европа, Арқа ҳәм Қубла Америка, Азия ҳәм Африканың 55 ели бул резолюцияның жәрдемши авторлары болды. Олардың арасында Австралия, Австрия, Аўғанстан, Беларусь, Германия, Италия, Ҳиндстан, Индонезия, Канада, Нигерия, Норвегия, БАӘ, Корея Республикасы, Сингапур, Түркия, Швейцария, Эквадор ҳәм басқа да еллер бар. Ҳүжжетти ислеп шығыў бойынша мәсләҳәтлесиўлерде Орайлық Азияның барлық жетекши бирге ислесиўши мәмлекетлери, соның ишинде, Россия, ҚХР, АҚШ ҳәм ЕА еллери белсенди ҳәм конструктив тәризде қатнасты.

Резолюцияда Орайлық Азия мәмлекетлериниң регионда тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўдеги, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўи беккемлеўдеги әҳмийетли роли тән алынады. Орайлық Азия мәмлекетлериниң қәўипсизлик ҳәм раўажланыў тараўларындағы регионаллық ҳәм халықаралық басламалары айрықша атап өтиледи.

Ҳүжжетте Бас Ассамблея регион еллери тәрепинен Орайлық Азияда турақлылықты ҳәм экономикалық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлерди ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлайтуғыны билдириледи. Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәтлесиў ушырасыўларын турақлы шөлкемлестириў бойынша басламалары регион шеңберинде қоллап-қуўатланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өткен ҳалда, резолюция бундай мәсләҳәтлесиўлер платформасынан регионның әҳмийетли машқалаларын биргеликте шешиўде нәтийжели пайдаланыўға шақырады. Ҳүжжетте 2018-жыл 15-март күни Астана қаласында Орайлық Азия мәмлекет басшыларының биринши саммити өткерилгени атап өтиледи.

Резолюцияда Орайлық Азияда қәўипсизликти беккемлеў суў ҳәм энергия дәреклеринен өнимли ҳәм комплексли пайдаланыў, Арал теңизиниң қурыўының экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық ақыбетлерин жумсартыў, регионда заманагөй транспрт ҳәм транзит системасын шөлкемлестириў, ағартыўшылық, илим, технологиялар, инновациялар, туризм, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларындағы байланысларды тереңлестириў бағдарларында еки тәреплеме ҳәм регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетлилиги атап өтиледи.

Орайлық Азия мәмлекетлериниң Аўғанстанда тынышлық орнатыў ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўға көмеклесиўге қаратылған биргеликтеги ҳәрекетлерине айрықша итибар қаратылады. Бул елде тынышлыққа ҳәм келисимге ерисиў мақсетинде быйыл март айында «Тынышлық процеси, қәўипсизлик тараўында бирге ислесиў ҳәм регионаллық шериклик» темасындағы Аўғанстан бойынша Ташкент конференциясының әҳмийети атап өтиледи.

Резолюция халықаралық жәмийетшилик, атап айтқанда, БМШ системасындағы қәнигелескен мәкемелерди, қорлар менен бағдарламаларды регион еллери тәрепинен нәзерде тутылып атырған Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиў ҳәм турақлы раўажланыўдың әҳмийетли бағдарларын қоллап-қуўатлаўға шақырады.

Бул резолюцияның БМШта бир даўыстан мақулланыўы ҳәм қабыл етилиўи Өзбекстанның Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жүргизип атырған ашық-айдын, дана ҳәм конструктивлик сыртқы сиясатының нәтийжесинде Орайлық Азияда қәлиплескен пүткиллей жаңа, өз-ара исеним ҳәм жақын қоңсышылық орталығы халықаралық көлемде кең тән алынып атырғанынан дәрек береди. Халықларды мың жыллық дослық ҳәм жақын қоңсышылық байланыслары, уқсас тарийх, дин, мәденият ҳәм үрп-әдетлер байланыстырып турған Орайлық Азияда тынышлықты, турақлылықты ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў Өзбекстан сыртқы сиясатының тийкарғы әҳмийетли бағдары есапланады.

БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген резолюция Орайлық Азияны биргеликте улыўма машқалаларды шешиўде, регионның раўажланыўы ҳәм оның көп миллионлы халқының абаданлығын тәмийинлей алатуғын бир пүтин байланысқан регион сыпатында қәлиплесиўинде әҳмийетли басқыш болып хызмет ететуғынына гүман жоқ.

Ташкент,  2018-жыл 23-июнь