Усы жылы «Technovation Challenge» халықаралық таңлаўының финалында жойбарларын көрсететуғын дүньяның ең жақсы 12 командасы арасында Өзбекстан да биринши мәрте қатнасады.

Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң мағлыўматы бойынша, «Technovation Challenge» халықаралық таңлаўы 2010-жылдан берли дүньяның дерлик 80 елинде өткерилип келинбекте. Олардың арасында Өзбекстан да бар. Технологиялық исленбелер таңлаўы шеңберинде қызлар командасы дүзилип, әҳмийетли мәселени анықлаў, оны шешиў имканиятын беретуғын қосымша ислеп шығыўы ҳәм жойбардың қаржы жағынан әмелге асырылыўы ушын зәрүр компанияға тийкар салыўы керек болады. Бағдарламада қатнасыў қызларда критикалық пикирлеў, исбилерменлик ҳәм программаластырыў, команда менен ислесиў және аудитория менен пикирлесиў көнликпелерин раўажландырыўға жәрдем береди. Бир ғана усы жылдың өзинде еки мыңнан аслам қызлардың командасы қатнасты.

Өзбекстанлы қызлар командасы «Technovation Challenge» таңлаўында екинши мәрте қатнаспақта. Быйыл «Technovation Uzbekistan» таңлаўында 29 команда өз-ара күш сынасты. Қатнасыўшылар экология ҳәм денсаўлықты сақлаў, ҳайўанларды қорғаў, халықтың бәнтлик дәрежесин арттырыў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў тараўларындағы жойбарларын көрсетти.

Усы жылы  10 жастан 15 жасқа шекемги ҳәм 15 жастан  18 жасқа шекем болған еки жас топарларына бөлинди. Оларға тәжирийбели тренерлер бириктирилип, үш ай даўамында заманагөй программалық өнимлер тилин ҳәм архитектурасын өзлестирди. Бул билимлер оларға белгили машқалаларға шешиўге бағдарланған жеке меншик мобиль қосымшаларын жаратыў имканиятын береди. Республикалық басқышта таңлаў қатнасыўшылары бизнес реже дүзиўи, қысқа видео презентация жаратыўы ҳәм өз жойбарын төреши ағзалары көрсетиўи керек еди. Республикалық таңлаў басқышының жеңимпазлары онлайн тәртипте өткен «Technovation Challenge» таңлаўының ярым финалына жол алды.

Белгили илимпазлар, программистлер ҳәм исбилерменлерден ибарат халықаралық таңлаўдың төрешилери ҳәр қыйлы мәмлекетлерден келген жүзлеген қатнасыўшылардың жумыслары менен танысып, финал қатнасыўшыларын сайлап алды. Быйылғы таңлаўда финальға биринши мәрте Өзбекстанның «Generation Z» командасы шығып, ол киши жас (10 жастан 15 жасқа шекем) топарында елимиз абыройын қорғайды. Елимиз командасы шаңарақларда гендер турақлылықты, үй жумыслдарының ул ҳәм қыз балалар арасында тең бөлистирилиўине көмеклесиўге қаратылған «ELIST» жойбарын усынады.

«Technovation Challenge»тың жуўмақлаўшы басқышы 2018-жылдың 6-10-август күнлери Калифорнияда (АҚШ) болып өтеди. Таңлаўда ҳәр бир жас категориясында сыйлы орынлар ушын күш сынасады.

Роман БОНДАРЧУК,

ӨзА ның хабаршысы