Усы жыл 27-28-июнь күнлери аралығында пайтахтымыздағы Ташкент педиатрия медицина институты жанындағы Академиялық лицейинде спорттың волейбол түри бойынша ер адамлар арасында Қарақалпақстан Республикалық кубоги өткериледи.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан спортшылар келиўи күтилмекте.

Жарыс халықаралық волейбол федерациясының қағыйдаларына муўапық, айланба усылда алып барылады.

Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары Қарақалпақстан  Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланады.

Бул ҳаққында толық ҳәм ҳәр тәреплеме мағлыўмат берип барамыз.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы