Бурын хабар етилгениндей, өткен жылы «Әмиўдәрья» журналы  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды тәрепинен дағазаланған таңлаўда өзиниң «Китаплар – досларым мениң» атамасындағы жойбары менен қатнасып, 22  миллион сум муғдарындағы грантты жеңип алған еди.

Сондай-ақ, «Қарлығаш» балалар әдебий журналы редакциясы да усы қордың «Жас дөретиўши – китапқумарлар»  атамасындағы жойбары бойынша мәмлекетлик грантты жеңип алып, гранттың қәрежети есабынан таярланған «Таң сәўлеси» атамасындағы китабы (800 нусқада)  баспадан шықты.

Китапта республикамыздағы мектеп, колледж, академиялық лицей ҳәм жоқары оқыў орынларында билим алып атырған 120 жас дөретиўшилердиң қосықлары орын алған.

«Әмиўдәрья» журналы редакциясының өткен жылы жойбар шеңберинде дәслепки «Китаплар – досларым мениң» атамасындағы китабы баспадан шыққан болса, усы жыл «Саўға» атамасындағы 400 нусқадағы китабы 4 баспа табақ көлеминде «Қарақалпақстан» баспасында басылып шықты ҳәм грант өз жумысын жуўмақлады.

Бул топламда Ж.Аймурзаев, Я.Әжимов, Г.Дәўлетова, Б.Ерназаров, Ж.Избасқанов, С.Жумағулов, Ж.Өтениязов, К.Рахманов, О.Сәтбаев ҳәм басқада авторлардың ҳәр қыйлы түрли жастағы, ҳәр жыллары дөретилген прозалық ҳәм поэзиялық шығармалары жәмленген болып, онда балалар қызығып оқыйтуғын қосықлар ҳәм гүрриңлер орын алған.

Редакция тәрепинен жойбар шеңберинде балалардың ҳәм жас өспиримлердиң китап оқыўға болған қызығыўшылығын буннан былай да арттырыў мақсетинде жергиликли баспаларда басып шығарылған жаңа китаплардың авторлары менен әдебий кешелер өткерилди.

Сондай-ақ, жойбардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў мақсетинде «Жылдың ең жақсы китабы», «Ең жақсы китапқумар шаңарақ», «Жылдың ең жақсы балалар китабы» номинациялары бойынша таңлаў өткерилип, таңлаў жуўмағында ҳәр бир номинацияда  3 жеңимпаз, жәми  9  жеңимпаз арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы