Президент Шавкат Мирзиёев усы жылдың 21-июнь күни «Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети жумысларын түпкиликли жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарды қабыл етти. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарар тийкарында, 2018-2019-оқыў жылынан баслап университеттиң барлық бакалавр бағдарлары бойынша билим алыў мүддети төрт жылды қурайтуғынлығы белгилеп қойылды.

Сондай-ақ, университеттиң магистратура бағдарлары бойынша билим алыў мүддети өндиристен ажыралған ҳалда оқып атырғанлар ушын бир жылды, өндиристен ажыралмаған ҳалда оқыйтуғынлар ушын еки жылды қурайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги