Қарақалпақстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитетиниң берген мағлыўматы бойынша Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 19.05.2017-жылдағы МКҚ-295-санлы қарарына ҳәм 26.07.2017-жылдағы 02-02-11-22-санлы Сырт ел инвесторларына мәмлекетлик мүлкти сатыўда тендер саўдасын өткериў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының протоколлық шешимине тийкарланып «ноль»лик баҳада мәмлекетлик объектлерди сатыў бойынша тендер саўдасы өткериледи.

Таңлаў Аймақлық таңлаў комиссиясы – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң имаратында,  2017-жылдың 6-, 15-, 22-, 29-сентябрь, 6-, 13-, 20-, 27-октябрь, 3-, 10-, 17-, 24-ноябрь, 1-, 8-, 15-, 22-, 29-декабрь күнлери саат 11-00 де өткерилиўи күтилмекте.

Таңлаўға барлық қәлеўши физикалық ҳәм юридикалық шахслар, соның ишинде Өзбекистан резиденти емеслер де (сырт ел инвесторлары) қатнасыўы мүмкин, яғный қатнасыўды қәлеген инвестор таңлаў өткериў сәнесине шекем еки жумыс күнинен кешиктирмей таңлаў комиссиясына бизнес-жоба ҳәм арзаны қосқан ҳалда ҳүжжетлерин усыныўы лазым.

Бизнес-жоба өз ишине өндиристи шөлкемлестириў, реконструкциялаў ҳәм техникалық жақтан қайта үскенелеў, өнимди сатыўды шөлкемлестириў, экспорт-импорт қатнасықларын раўажландырыў, басқарыўды шөлкемлестириў, кадрлар сиясаты менен социаллық мәселелер бойынша усынысларды қамтыўы тийис.

Сондай-ақ, жумыс көлеми менен оның орынланыў мүддетлери, алып келинген үскенелердиң дизими (егер нәзерде тутылған болса), олардың технологиялық параметрлери, ислеп шығарылып атырған өнимниң ассортименти, өндиристиң нәтийжелилигин арттырыў илажлары, бар үскенелерден ҳәм өндирислик майданнан пайдаланыў, күтилген экономикалық тәсир ҳәм т.б.; инвестициялық миннетлемелерди киргизиў шәртлери көрсетилген инвестициялық бағдарламаны да усыныўы тийис.

Барлық ҳүжжетлер еки нусқада таярланып, таңлаў комиссиясының мәнзили көрсетилген конвертке хатланады. Конвертлердиң сыртында «таңлаў комиссиясынан тысқары ҳәм (ўақыт, сәне) бурын ашылмасын» деп анық жазып қойылады.

Егер сиз таңлаўда қатнасыўды қәлесеңиз 2 пакет ҳүжжетлерди Аймақлық таңлаў комиссиясына яғный Қарақалпақстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитети (Нөкис қаласы, А.Темур көшеси, 112-А-жай). мәнзилине жеткериўиңиз тийис.

Таңлаўды өткериў менен байланыслы барлық сораўлар бойынша Қарақалпақстан Республикасы меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекиликти раўажландырыў комитетине – (222-02-75. Факс:222-02-75, 222-11) хабарласыўға болады.

Қосымша толығырақ мына жерден мағлыўмат алыўыӊызға болады

Қарақалпақстан хабар агентлиги