Усы жыл 14-июнь күни Кегейли районындағы кәрхана ҳәм шөлкемлердеги басланғыш шөлкем ағзалары арасында спорттың футбол түри бойынша «Аўқам кубогы» жарысының районлық басқышы өткерилди.

Жарысты өткериўдеги мақсет – Өзбекстан жаслар аўқамы районлық Кеңесиниң кәрхана ҳәм мәкеме шөлкемлердеги жетекшилериниң ҳәм жаслардың жумысларын раўажландырыў, олар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, кәрхана ҳәм мәкемедеги жаслар арасында спорттың ғалабалығына ерисиў, барлық жасларды спорт жарысларына қамтып алыўдан ибарат.

 

 

Жарыс Өзбекстан жаслар аўқамы районлық Кеңеси, районлық спорт комитети, районлық халық билимлендириў бөлими ҳәм басқа да тийисли мәкемелер менен бирге шөлкемлестирилди.

Жарысқа мәкеме ҳәм кәрханалардан 11 команда қатнасты, район аймағынан жәми 246 жасты қамтып алды.

 

 

Ойынның финал басқышында Кегейли районы Ишки ислер бөлиминиң жаслар командасы менен Кегейли районлық Халық билимлендириў бөлиминиң жаслар командасы беллесип, Халық билимлендириў бөлиминиң жаслар командасы бириншиликти қолға киргизди.

Жеңимпазлар Өзбекстан жаслар аўқамы районлық Кеңеси тәрепинен кубок ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Жеңимпаз команда жарыстың Қарақалпақстан  республикалық басқышына  жоллама алды.

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-курс студенти.