Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалына 2018-2019-оқыў жылында бакалавр тәлим бағдарына 95 талабан соның, 27си мәмлекетлик грант, 68и шәртнама тийкарында қабылланады.

Быйылғы  оқыў жылында филиалда жаңа қәнигеликлер көркем өнер таныў: сахна ҳәм экран көркем өнери драматургиясы,  кинотелеоператорлық, китапхана-мәлимлеме жумысы: китапханашылық ҳәм библиография ашылған болып, буннан басқа да актёрлық көркем өнери: драма театры ҳәм кино актёрлығы көркем өнери, режиссёрлық: қуўыршақ театр режиссёрлығы, техноген көркем өнери: кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығы, халық дөретиўшилиги: вокал жәмәәтлерине басшылық, мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм басқарыў қәнигеликлерине талабанлардан ҳүжжетлер қабыл етиледи.

Сондай-ақ, бул оқыў дәргайында 2018-2019-оқыў жылында бакалавр тәлим бағдарына мәмлекетлик грант тийкарында майыплығы болған шахсларды қосымша квота менен бакалаврлыққа 2 талабан  китапхана- мәлимлеме жумысы: китапханашылық ҳәм библиография, техноген көркем өнери: кино, телевидение ҳәм радио сес режиссёрлығына қабыл етиледи.

  

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы