Жоқары әскерий бажыхана институтына оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққындағы режениң 3-бәнтиниң алтыншы абзацына киригизилген өзгерис Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимге алынды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Киргизилген өзгериске муўапық, Жоқары әскерий бажыхана институтына оқыўға қабыллаўда талабанлардың бойы 165 сантиметрден (қыз балалар ушын 160 сантиметр) төмен болмаўы белгиленди.

Алдынғы тәртип бойынша талабанлардың бойы 170 сантиметр (қыз балалар ушын 165 сантиметр)ден кем болмаўы талап етилетуғын еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги