Өзбекстан Республикасы Президенти «Ташкент қаласында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Ҳүжжетте белгилениўинше, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир ай мүддет ишинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Жоқарғы суды ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте транспорт қураллары басқарыўшыларының спиртли ишимлик ишкенлигин алып жүрилетуғын техникалық қураллар арқалы анықлаўдың әпиўайыластырылған тәртибин ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги