2018-жыл 16-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған арасында телефон арқалы сөйлесиў болып өтти.

 

Сөйлесиўдиң басында мәмлекетимиз басшылары пүткил мусылман дүньясы ушын шадлық ҳәм шүкиршилик, қайыр-сақаўат әййямы болған қутлы Рамазан ҳайыты мүнәсибети менен бир-бирин қутлықлады.

Түркия Президенти усы мүбәрек күнлерде Ташкент қаласында ислам цивилизациясы орайының қурылысына тырнақ қаланғанын жоқары баҳалады ҳәм бул орай ағартыўшылық исламды раўажландырыў және уллы бабаларымыздың бай мийрасын дүнья жәмийетшилигине жеткериўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.

Тәреплер жоқары дәрежедеги турақлы ушырасыўлар ҳәм сөйлесиўлер жақсы дәстүрге айланып атырғанын ҳәм еки ел арасында мәңги дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары күннен-күнге беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Усы жылдың 29-апрель – 1-май күнлери Түркия Республикасы Президентиниң Өзбекстан Республикасына әмелге асырған биринши тарийхый мәмлекетлик сапары шеңбериндеги нәтийжели ушырасыўлар менен сөйлесиўлер, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң кең бағдарлары бойынша ерисилген анық келисимлер, қол қойылған әҳмийетли шәртнамалар менен келисимлер еллеримиз бенен халықларымыздың раўажланыўына және абаданлығына хызмет ететуғыны терең қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет басшылары саўда, инвестиция, банк-қаржы, транспорт, туризм, инфраструктура ҳәм басқа да әҳмийетли тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң перспективаларын ҳәр тәреплеме додалады.

Сондай-ақ, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер бойынша пикир алысты.

Сөйлесиўдиң жуўмағында мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы әзелий дослық, туўысқанлық ҳәм бир-бирине ҳүрмет принциплерине тийкарланған қатнасықларды және көп қырлы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға ҳәм беккемлеўге таяр екенин және бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА