Әмиўдәрья районының «Тасжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «YulduzсhaMangit» мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемеси өз жумысын баслады. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

«Өзсанаатқурылысбанк»тиң 250 миллион сумлық қаржылай көмеги менен усы имаратта капитал оңлаў жумыслары әмелге асырылып, заманагөй түрде үскенеленди. Балалардың тәрбиясы ушын зәрүрли шараятлар жаратылды. Ҳәзирги ўақытта бақшада 50 бала тәрбияланбақта.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги