Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-10-июнь күнлери Қытайдың Циндао қаласында болып, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң он сегизинши мәжилисине қатнасты.

Саммит шеңберинде 9-июнь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшылары бир қатар еки тәреплеме ҳәм көп тәреплеме ушырасыўлар өткерип, күн тәртибиндеги ең әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық мәселелерди додалады.

Саммиттиң тийкарғы илажлары 10-июнь күни болып өтти. Дәслеп ШБШға ағза мәмлекет басшылары тар шеңберде ушырасты.

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпинниң басшылығында болып өткен мәжилиске Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев, Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Моди, Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооранбай Жээнбеков, Пакистан Ислам Республикасы Президенти Мамнун Ҳусайн, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Тәжикстан Республикасы Президенти Имамали Раҳман қатнасты.

Мәжилисте ШБШға ағза еллер арасында байланысларды ҳәр тәреплеме кеңейтиў, экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти раўажландырыў, инновация ҳәм жоқары технологиялар және транспорт-коммуникация, қоршаған орталықты қорғаў тараўларындағы бирге ислесиўди беккемлеў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Мәмлекет басшылары  Қытай ШБШға басшылық шеңберинде нәтийжели ҳәм табыслы жумыс алып барғанын, соңғы бир жылда ағза мәмлекетлердиң түрли министрликлери ҳәм ведомстволары басшыларының қатнасыўында 100 ден аслам әнжуман шөлкемлестирилгенин, бул илажларда әҳмийетли нәтийжелерге ерисилгенин атап өтти.

Мәмлекет басшылары кеңесиниң кеңейтилген қурамдағы мәжилисинде шөлкемге ағза еллер менен бирге бақлаўшы, диалог бойынша шерик статустағы мәмлекетлердиң, халықаралық шөлкемлердиң делегацияларының басшылары қатнасты.

Мәжилисте ШБШны раўажландырыўдың келешектеги бағдарлары, әҳмийетли регионаллық ҳәм халықаралық машқалалар бойынша пикир алмасты. Экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти кеңейтиў, транспорт-коммуникация тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириў мәселелери және көп тәреплеме кооперацияның басқа да мәселелери додаланды.

Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.

Саммитте мәмлекет басшылары Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Владимир Норовты ШБШ Бас хаткери, Тәжикстан ўәкили Жумахон Ғиясовты ШБШның Регионаллық терроризимге қарсы дүзилмеси Атқарыў комитетиниң директоры лаўазымына тастыйықлады.

Саммиттиң жуўмақлары бойынша Циндао декларациясы қабыл етилди.

Мәмлекет басшылары, сондай-ақ, Терроризмге, сепаратизмге ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша 2019-2021-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы, узақ мүддетли жақын қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнама қағыйдаларын әмелге асырыў бойынша 2018-2022-жылларға мөлшерленген ҳәрекетлер режеси, жәми 17 ҳүжжетке қол қойды.

Өзбекстан Президентиниң усынысына муўапық, ШБШ мәмлекет басшыларының Жасларға биргеликтеги мүрәжаты қабыл етилгени саммиттиң және бир әҳмийетли ўақыясы болды.

Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылық етиў Қырғызстан Республикасына өтти.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушырасыўда ШБШның Циндао саммити нәтийжели өткенин, қол қойылған ҳүжжетлер шөлкемди буннан былай да раўажландырыўға, регион еллерин ҳәм халықларын бирлестириўге хызмет ететуғынлығын атап өтти.

Бир сөз бенен айтқанда, «Өз-ара исеним ҳәм мәпдарлық – улыўма табысларымыздың тийкары» сүрени астында болып өткен Циндао саммити ШБШ жумысында және де жаңа имканиятлар ашты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ШБШ саммити шеңберинде бир қатар мәмлекет басшылары менен ушырасты.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен ушырасыўда усы мәмлекет пенен стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеў Өзбекстанның сыртқы сиясатының өзгермес бағдары екенлиги атап өтилди.

Бир жылда өз-ара 70 делегацияның сапар етиўи әмелге асырылғаны, 21 мәрте аймақлараралық ушырасыў өткерилгени байланыслардың бүгинги пәтинен ҳәм көлеминен дәрек береди. Усы жылдың биринши шерегинде еллеримиз арасындағы товар алмасыўдың көлеми 40 проценттен зыятқа өсти, деди Шавкат Мирзиёев.

Өткен жылы Россияға сапарыңыздан кейин қатнасықлар жаңаша пәт алды. Сизиң басламаңыз бенен шегаралардан өтиўде «жасыл жол» шөлкемлестирилгени нәтийжесинде Өзбекстан мийўе-овощларын жеткерип бериў дерлик 36 процентке өсти. Россияның жетекши компанияларының қатнасыўында ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, деди Владимир Путин.

Сөйлесиўде тәреплерди қызықтырған халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҚХР Баслығы Си Цзиньпин менен ушырасты.

Қытай басшысы ҚХР Өзбекстан менен кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм көп форматлы бирге ислесиўге үлкен әҳмийет қарататуғынын атап өтти.

Президентимиз ҚХР Шанхай бирге ислесиў шөлкемине табыслы басшылық еткени ҳәм Циндао саммити жоқары дәрежеде өтип атырғаны мүнәсибети менен Қытай басшысын қутлықлады.

Өзбекстан – Қытай қатнасықлары өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң барлық әҳмийетли тараўларын қамтып алған ҳәм избе-из раўажланып бармақта. 2017-жылы еки мәмлекет арасындағы товар алмасыўдың көлеми 5 миллиард долларды қурады.

Ушырасыўда экономика, саўда, инвестиция, транспорт коммуникациялары, жоқары технологиялар ҳәм басқа да тараўдағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.

Президент Шавкат Мирзиёев ШБШ ның Циндао саммити шеңберинде Ҳиндстан бас министри Нарендра Моди менен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳиндстан халқын усы елдиң Шанхай бирге ислесиў шөлкемине толық ҳуқықлы ағза болғаны, Н.Модиди ШБШ мәмлекет басшылары ушырасыўында жаңа статуста қатнасып атырғаны мүнәсибети менен қутлықлады.

Шавкат Мирзиёев бул ушырасыў бурын ерисилген келисимлердиң орынланыўын додалаў ҳәм бирге ислесиўдиң перспективаларын белгилеп алыў ушын жақсы имканият екенин атап өтти.

Нарендра Моди Өзбекстан Ҳиндстанның ШБшға қабыл етилиўин қоллап-қуўатлағаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Бул Өзбекстан менен бирге ислесиўди ҳәм өз-ара, ҳәм регионаллық көлемде раўажландырыў ушын жаңа имканиятлар ашатуғынын атап өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Ҳиндстан арасындағы саўда-экономикалық, қаржы, инвестициялық, инновациялық ҳәм гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды. Мәлимлеме технологиялары, медицина, фармацевтика, туризм сыяқлы бағдарларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары көрип шығылды. Сондай-ақ, халықаралық сиясат ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пакистан Ислам Республикасы Президенти Мамнун Ҳусайн менен ушырасты.

Шавкат Мирзиёев Мамнун Ҳусайнды Пакистанның Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза болғаны менен қутлықлап, бул еллеримиз арасындағы қатнасықларды буннан былай да кеңейтиўде әҳмийетли фактор болатуғынын атап өтти.

Ушырасыўда саўда, экономика, аўыл хожалығы, тоқымашылық ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Циндао қаласында Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани менен сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан халқы туўысқан ҳәм қоңсылас Аўғанстанда тынышлық турақлы болыўынан мәпдар екенин атап өтти.

Быйыл Ташкентте болып өткен Аўғанстан бойынша халықаралық конференциядан кейин пүткил дүньяда елиңизде тынышлық орнатыў бойынша үлкен ҳәрекетлер басланғаны қанаатланыўшылық бағышлайды. Буның бирден-бир жолы  – диалог екенин ҳәмме түсинип атыр. Бул ушырасыўымыз усы бағдарда пикир алысыў, еллеримиз ушын әҳмийетли мәселелерди додалаў ушын қолай пурсат болып табылады, деди Президентимиз.

Ашраф Ғани еки мәмлекет арасындағы сиясий диалог кейинги ўақытларда избе-из жеделлесип  атырғанын атап өтти.

Өзбекстанға сапар етиўим шеңберинде ерисилген келисимлер қысқа мүддетлерде әмелге асырылып атырғанын айрықша атап өтпекшимен. Аўғанстан мәселеси бойынша ири әнжуман өткергениңиз ушын халқымыз ҳәм ҳүкиметимиз атынан терең миннетдаршылық билдиремен. Бул мәселеге жеке өзиңиздиң итибарыңыз сиясий шешимлерге жол ашты, деди Аўғанстан Президенти.

Ушырасыўда еллеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, транспорт коммуникациялары, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы байланысларды буннан былай да раўажландырыў, регионаллық қәўипсизликти беккемлеўге байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң биринши орынбасары Амина Муҳаммад ханымды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы соңғы еки жылда Өзбекстан – БМШ бирге ислесиўи жедел түс алғанын, әмелий нәтийжелер менен байығанын атап өтти. БМШтың абыройлы делегациялары елимизге турақлы келип атырғаны, Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссар басқармасы менен бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша қабыл етилген әмелий илажлар режесиниң избе-из әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Амина Муҳаммад Өзбекстан Президентиниң БМШ Бас ассамблеясының 72-сесиясында қатнасқанын қанаатланыўшылық пенен еске алып, елимиз тәрепинен регионаллық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм беккемлеў, Аўғанстанды қайта тиклеўге көмеклесиў бойынша көрилип атырған анық илажларды жоқары баҳалады. Ташкентте болып өткен Аўғанстан бойынша халықаралық конференция бул мәселеге дүнья жәмийетшилиги итибар қаратып атырғаны атап өтилди.

Өз-ара сөйлесиўде БМШ делегациялары басшылары менен болып өткен бурынғы ушырасыўларда ерисилген келисимлердиң орынланыў барысы бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Бирге ислесиўдиң алдағы әҳмийетли бағдарлары додаланды.

ӨзА