Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимиздиң қурылыс тараўындағы көп жыллық жемисли мийнети, ғәрезсизлик жылларында республикамызда әмелге асырылған кең көлемли қурылыс жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, қурылыс индустриясын ҳәм миллий архитектураны раўажландырыў, системаға жаңа технологияларды енгизиў ҳәм жоқары маман кадрларды таярлаў, заманагөй имаратларды қурыў, қала ҳәм аўылларымыздың келбетин түп-тийкарынан өзгертиў, тараўға тийисли мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы үлкен хызметлери ҳәм жәмийетлик турмысқа белсене қатнасы ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Өзбекистан Республикасында хызмет көрсеткен қурылысшы»

 

Хушанов Нуритдин Нуржанович Нөкис қаласындағы «Жайҳун универсал – қурылыс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң директоры

 

 

«Шуҳрат» медалы менен

 

Уразбаев Мәдияр Сарсенбаевич Нөкис қаласындағы «317- санлы көшпели механизацияланған колонна» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы

 

Өзбекистан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қапласы,

2017-жыл 10-август