5-июнь күни Кегейли районындағы Қазанкеткен аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Дослық» (күндизги) балалардың жазғы дем алыў орайы иске түсти.

Орай аймақтағы мектеп оқыўшыларының жазғы дем алысын мазмунлы өткериўде әҳмийетли орын тутып, 105 орынға мөлшерленген бул орайға сол күнниң өзинде 105 бала  толық  қамтылды.

Балалардың жазғы дем алысын қызықлы етип шөлкемлестириў мақсетинде районның руўхый ағартыўшылық бөлими, районлық Халық билимлендириў бөлими, Өзбекстан Жаслар аўқамының районлық Кеңеси, районлық Дене тәрбия ҳәм спорт бөлими тәрепинен илажлар  ислеп шығылды.

Орайдың ашылыў мәресиминде райондағы 48-50-51-52-54-санлы улыўма билим бериў мектеплериниң талантлы, қәбилетли жасларының атқарыўында түрли атамадағы ойынлар ҳәм сахналық көринислер көрсетилди. Онда халық ертеклеринен үзиндилер,  әдеп-икрамлылық ҳәм миллий үрп-әдетлер сәўлеленген сахналық көринислер орын алған.

Гаўҳар БЕГЖАНОВА,

ҚМУ журналистика қәнигелиги 2-басқыш студенти