Ташкент қаласы ҳәкимлигинде Пүткил дүнья жүзилик таэквондо федерациясы президенти Чо Чунг Вонға Ташкент қаласының ҳүрметли пуқарасы ҳәм Мырза Улығбек атындағы Өзбекистан Миллий университетиниң ҳүрметли илим докторы атақларын тапсырыўға бағышланған илаж болып өтти.

Оған депутатлар, спорт қәнигелери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, студентлер, спортшы-жаслар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов Чо Чунг Вонға Ташкент қаласының ҳүрметли пуқарасы ҳәм Мырза Улығбек атындағы Өзбекистан Миллий университетиниң ҳүрметли илим докторы атақларын тапсырды.

Илажда Өзбекистан ҳәм Қубла Корея арасындағы бирге ислесиў барлық салада, атап айтқанда, спорт саласында избе-из раўажланып атырғанлығы атап өтилди. Онда елимиздиң Пүткил дүнья жүзилик таэквондо федерациясы менен байланыслары айрықша әҳмийетке ийе екенлиги, сондай-ақ, усы халықаралық шөлкемниң президенти Чо Чунг Вонның хызметлери жоқары болып атырғанлығы айрықша атап өтилди.

­- Бүгин парахатшылық қаласы – Ташкенттиң ҳүрметли пуқарасы болыў, Өзбекистанның абыройлы жоқары билимлендириў мәкемесиниң ҳүрметли илим докторы атағына мүнәсип көрилиўим мен ушын қуўанышлы ўақыя болды,-деди Чо Чунг Вон. – Бундай жоқары итибар маған және де күш-ғайрат бағышлайды.

Илажда сенатор Агрепина Шин, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты, Өзбекистан кореец мәдений орайлары аўқамының баслығы Виктор Пак ҳәм басқалар елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, жасларға көрсетилип атырған ғамқорлық, спортты раўажландырыў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер, Өзбекистан ҳәм Қубла Корея бирге ислесиўиниң перспективалары ҳаққында сөз етти.

Улығбек АСРОРОВ,

ӨзА хабаршысы.