Усы жылы 7-8-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өткен «Арал машқаласы ақыбетлерин сапластырыў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер: жаңаша қатнаслар, инновациялық шешимлер ҳәм инвестициялар» темасындағы халықаралық конференцияның қатнасыўшылары республикамызда болды.

Нөкис халықаралық аэропортында мийманларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов күтип алды. Делегация ағзалары усы жерден Мойнақ районына жөнеп кетти.

Халықаралық конференцияның қатнасыўшылары район басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен салтанатлы жағдайда күтип алынды. Мийманлар «Кемелер қойымшылығы»нда болып, бир ўақытлары теңиз суўының усы жағалыққа мәўиж урып турғанлығы, бүгинги күнги ашынарлы жағдайы менен жақыннан танысты. Районның өтмиши ҳәм бүгинги турмысы, жергиликли халықтың, соның ишинде балықшылардың, усы аймақта туўылып өткен  белгили инсанлардың өмири және дөриўишилиги сәўлелендирилген музей экспонатлары менен танысты.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер Академиясы менен биргеликте шөлкемлестирилген әнжуманда Орайлық Азия еллери парламентлериниң депутатлары, министрликлер менен ведомстволардың басшылары, жергиликли ҳәм сырт ел қәнигелери, БМШ, Халықаралық Аралды қутқарыў қоры, Орайлық Азия регионаллық экология орайы, Жәҳән банки, Арал бойындағы экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған жойбарларға инвестиция киргизиўге мәпдар сырт ел компаниялары, халықаралық шөлкемлер, жетекши қаржы институтлары, МКШ ҳәм ҒХҚ ўәкиллериниң қатнасқанлығы илаждың қаншелли әҳмийетли екенлигинен дәрек береди. Себеби, Арал машқаласы жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен бүгинги күнниң глобал машқалаларынан бири сыпатында тән алынған. Теңиздиң қурыўының Орайлық Азия регионы ушын кең көлемдеги экологиялық ҳәм социаллық унамсыз ақыбетлери ярым әсирден соң пүткил дүнья жүзине мәлим болды.

Өзбекстан Республикасы тәрепинен Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, усы аймақта жасаўшы халықтың денсаўлығын беккемлеў бойынша айтарлықтай илажлар әмелге асырылмақта.  Атап айтқанда, Президентимиз Ш.Мирзиёев регионның суў ресурсларынан биргеликте пайдаланыў мәселесин шешиў, Арал теңизи ақыбетлеринниң алдын алыўға қаратылған ҳәрекетлерди бирлестириўди елимиздиң сыртқы сиясатындағы әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында белгилеп берди.

Деген менен, ушырасып атырған машқалалар көлеми жағынан регионның экосистемасын тиклеўге ҳәм олардың турақлы раўажланыўына ерисиўге қаратылған илажларға кең жәмийетшиликтиң итибарын қаратыўды талап етпекте. Себеби, Арал теңизи бассейниндеги мәмлекетлердиң экологиялық жағдайын турақластырыў, экономикасын раўажландырыў, ҳәр қандай социаллық машқалалардың шешимин табыў ҳәм халықтың ықлым өзгериўине бейимлесиўи бойынша биргеликтеги системалы ҳәрекетлерге ири инвестициялар ҳәм жаңа технологиялық және инновациялық шешимлерге мүтәжлик сезилмекте. Халықаралық конференцияның өткерилиўи болса, Аралбойы халқының жасаў шараятларын ҳәм қоршаған орталықтың жағдайын жақсылаўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыўда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм инвестицияларды алып келиўде әҳмийетли қәдем болды.

-Арал машқаласы туўралы көп еситкен болсақта, жағдайды өз көзимиз бенен көриўге миясар болдық,-дейди Түркияның Өзбекстандағы елшиси Аҳмет Башар Шен.-Бул машқалалары шешиўде қатнасықларымыз жылдан-жылға беккемленип атырған бизиң елимиз де өз жәрдемин аямайды.

Мийманлар пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы көркем өнер музейинде болды.

Халықаралық конференцияның қатнасыўшылары сол күнниң өзинде Ташкент қаласына жөнеп кетти.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.