Мәмлекетлик статистика комитети 2018-жылдың май айында Өзбекстан Республикасының тутыныў секторындағы инфляция дәрежесин жәриялады, деп жазады ӨзА.

Оған бола, өткен айда тутыныў базарындағы товар ҳәм хызметлердиң баҳасы орташа 0,8 процентке көтерилди. Соннан өнимлер баҳасы ай даўамында орташа 0,4 процентке ҳәм хызметлер 2,1 процентке қымбатлады.

Атап айтқанда, «УзБАТ А.О.» қоспа кәрханасы акционерлик жәмийети ислеп шығарып атырған өнимлер баҳасының көтерилиўи тутыныў базарларында сатылып атырған темеки өнимлериниң улыўмалық баҳаларының қымбатласыўына себепши болды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги