Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жылы 10-май күнги «Өзбекстан Республикасында  мәжбүрий мийнетке шек қойыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы  қарарының мазмун-мәниси ҳәм оннан келип шығатуғын ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажды университет проректоры  Ҳамдам Турсынбаев басқарып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәмлекетлик  мийнет ҳуқық инспекциясының баслығы, Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша республикалық комиссияның ағзасы Жәўлан Қурбанбаев қарар бойынша кең түрде түсиник берди.

Атап өтилгениндей, қарарда ҳәкимлерге, барлық дәрежелердеги мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының басшыларына пуқараларды, соның ишинде, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, басқа бюджет мәкемелериниң хызметкерлерин, билимлендириў мәкемелериниң оқытыўшылары менен студент-жасларды мәжбүрий мийнетке, қала ҳәм район аймақларын абаданластырыў және көклемзарластырыў, аўыл хожалығы ҳәм басқа да  мәўсимлик жумысларға тартыўдың тезлик пенен алдын алыў ҳәм оған шек қойыў, буған жол қойған басшыларға қатаң интизамлы шара көрилетуғынлығы белгиленип, автомобиль жолларында, ҳәрекетлениў тығыз болған көшелерде, суў объектлеринде, жағалаўлардағы аймақлар ҳәм зоналарда, қурылыс майданшаларында, имарат және қурылмалардың төбелеринде, қәўипли өндирислик объектлерде, сондай-ақ  инсанлардың өмирине ямаса денсаўлығына қәўип туўдырыўы мүмкин болған басқа да орынларда ықтыярлы баслама ҳәм басқа да жумысларды өткериў қадаған етилди.

Соның менен бирге, қарар талапларын орынлаў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң,  Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесиниң, Саўда-санаат палатасының, Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң ўазыйпалары белгилеп берилди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине, Әдиллик министрлиги және Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси биргеликте  пуқараларды мәжбүрий жәмийетлик жумысларға нызамсыз тартқан ямаса ҳәр қандай формадағы мәжбүрий мийнеттен пайдаланыўда айыплы болған мәнсапдар шахсларға жуўапкершилик шараларын күшейтиў тапсырылды. Соны да айрықша атап өтиў керек, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәмлекетлик  мийнет ҳуқықлары инспекциясының мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа шөлкемлер тәрепинен мийнет нызамшылығына бойсыныўы бойынша қадағалаўды күшейтиўге байланыслы ўәкиллиги кеңейтирилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бул қарары инсан өмири ҳәм хызметиниң барлық тараўларында мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў ҳәм оған толық шек қойыўға байланыслы анық және әмелий илажлардың әмелге асырылыўына қаратылған.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.