Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң 2017-жылы 20-21-январь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында белгилеп берген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Тақыятас районында ыссылық электр станциясында қуўатлылығы 230-280Вт болған пуў-газ қурылмасын қурыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы Тақыятас районы ҳәкиминиң орынбасары Замир Сабиров төмендегише мағлыўмат берди:

-Районда еки пуў-газ үскенелери пайдаланыўға тапсырылыўы менен Тақыятас ИЭС Акционерлик жәмийетиниң техникалық-экономикалық көрсеткишлери төмендегише болыўы күтилмекте:

-станцияның белгиленген қуўатлылығы 730 МВт тан  930 МВт қа өседи,

-жыллық электр энергиясын ислеп шығарыў 3,0 млрд. кВт сааттан 3,6 млрд. кВт саатқа жетеди,

-электр энергиясын ислеп шығарыўда шәртли жанылғының салыстырма сарыпланыўы –164гр/кВт саат (ҳәзирги шәртли жанылғының салыстырма сарыпланыўы -430гр/кВт саат, еки пуў-газ үскенелериниң иске түсиўи менен  266 гр/кВт саат), ол жылына  488 млн. м3 тәбийғый газди үнемлейди.

Халықаралық тендер нәтийжесине бола Қубла Корея Республикасының «HUNDAI» компанияларының қатнасыўында дүзилген консорсиум жеңимпазы деп табылды.

Бас жумысты бөлип алып ислеўши қурылыс майданында шәртнама шәртлери бойынша жумысларды баслады ҳәм бүгинги күнде керекли имаратлар ушын тырнағы салынатуғын жер майданларын таярлаў жумыслыры жуўмақланып, жайдың тырнағына бетон қуўыў жумысларына таярлық ислери басланды.

Жумысшы ҳәм хызметкерлердиң үйлери, офис ҳәм басқа да жәрдемши хожалық имаратларының  қурылысы жуўмақланыў алдында тур.  Қурылыс майданшасындағы бурынғы темир жолды көшириў ҳәм еки дана  бетон таярлаў үскенелерин қурыў жумыслары жуўмақланды.

Қурылма иске түсиўи менен жергиликли инженер ҳәм техник хызметкерлер ушын 970 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги