Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2018-жыл 21-майда «Арнаўлы сыртқы билимлендириўде оқыў процесин электрон билимлендириў ресурслары тийкарында қоллапқуўатлаўды шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 447-санлы буйрығына тийкарланып жаңа оқыў жылынан баслап педагогика бағдарындағы арнаўлы сыртқы бөлим студентлери оқыў процесин шөлкемлестириўде аралықтан еркин билим алыўы белгиленген, деп жазады Xabar.uz порталы.

Өзбекстанда электрон билимлендириўдиң биринши мәрте жоқары билимлендириў системасында шөлкемлестирилиўи рәсмий түрде жәрияланды. Электрон сабақларды шөлкемлестириў менен байланыслы болған процеслер жоқары билимлендириў системасы әмелиятында дәслепки мәрте қолланылып атырғанлықтан системаны жолға қойыў менен байланыслы бирнеше сораўлар пайда болыўы тәбийғый.

Хош, электрон билимлендириўди жолға қойыўдағы шөлкемлестириў процеслери қалай әмелге асырылады?

Билимлендириў мәкемелеринде электрон билимлендириўди енгизиў орайы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, барлық шөлкемлестириў процеслери 5 басқышта әмелге асырылды.

Биринши басқышта 15 жоқары оқыў орнынан жәми 450 профессороқытыўшылар ҳәм хызметкерлерди электрон оқыў ресурсларын жаратыўға үйретиў ушын вебинарлық технологиядан пайдаланылған ҳалда аралықтан оқыў курслары арқалы оқытылады. Бул процесс август айының ақырына шекем әмелге асырылып болынады.

Екинши басқышта жуўапкер профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлер тәрепинен 8 түрли педагогика бағдарындағы 144 пән бойынша электрон оқыў ресурслары жаратылады. Ҳәзирги ўақытта жаратылатуғын электрон оқыў ресурсларының қурамы төмендегише болыўы режелестирилмекте. Оған муўапық, 1247 видео лекция, 1247 еркин үйрениў ушын теориялық мағлыўмат, 12000 глоссарий, билимлерди қадағалайтуғын 25920 интерактив элементлер, 87 лаборатория жумысларын орынлаў ушын интерактив элементлер, 24940 тест сынақлары болыўы нәзерде тутылған.

Үшинши басқышта жуўапкер профессор-оқытыўшылар тәрепинен жаратылған оқыў ресурслары Нызамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетинде шөлкемлестирилген Муўапықластырыўшы Кеңес тәрепинен көрип шығылады. Электрон оқыў ресурслары Муўапықластырыўшы Кеңес тәрепинен тастыйықланғаннан соң, ресурслар профессор-оқытыўшылар тәрепинен платформаға (mooc.edu.uz) жайластырылады.

Төртинши басқышта жоқары оқыў орынларының арнаўлы сыртқы бөлиминде сабақ берип атырған профессор-оқытыўшыларды электрон билимлендириў системасынан пайдаланыў бойынша аралықтан оқытылады.

Соңғы басқышта арнаўлы сыртқы бөлим студентлери электрон билимлендириў системасынан пайдаланады. Арнаўлы сыртқы бөлим студентлериниң оқыў шынығыўлары оқыў процеси кестесине тийкарланып басланады. Усы мүддетке шекем барлық электрон ресурсларды жаратып, платформаға киргизиў режелестирилген.

Арнаўлы сыртқы бөлим студентлери ушын жәми 7344 саат ажыратылған. Олардан 6480 саатында студент аралықтан еркин билим алады, 864 саат болса оқыў орнына келген ҳалда әмелге асырылады. Бул болса 88 процент сабақ аралықтан еркин түрде әмелге асырылатуғынлығын билдиреди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги