И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде өткерилиўи белгиленген «Шығыс халықлары музыка мәдениятында классикалық музыканың орны ҳәм әҳмийети» атамасындағы илимий-әмелий конференция даўам етпекте. Конференцияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов ашып берди. Конференцияда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының белгили көркем өнер ғайраткерлери, илимий излениўшилер, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнаспақта.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Тәрбия Сейтназарова конференция процесинен фоторепортаж таярлады.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги