Президенттиң 2003-жыл 27-марттағы Пәрманына тийкарланып, 2003-жылдың 1-апрелинен баслап турақ жай-коммуналлық хызметлер ҳақысын төлеў бойынша нызамшылық тийкарында берилетуғын жеңилликлер орнына ең кем мийнет ҳақы есабынан қатламластырылған муғдарда айлық компенсациялық пул төлемлери енгизилген. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Турақ жай-коммуналлық хызметлер ҳақысын төлеў бойынша компенсациялық пул төлемлериниң механизми ҳаққындағы режеге муўапық компенсациялық төлемлер төмендегилерге бериледи:

– 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшыларына теңлестирилген шахслар;

– басқалардың ғамқорлығына мүтәж болған жалғыз баслы пенсионерлер;

– бурынғы Аўқам Қаҳарманлары, Социалистлик мийнет Қаҳарманлары ҳәм «Слава» ордениниң үш дәрежеси менен сыйлықланған шахслар;

– фашист концлагерлериниң бурынғы ержетпеген тутқынлары;

– Ленинград қаласының қоршап алыныўы ўақтында ислеген пуқаралар;

– көриў имканияты бойынша I топар майыплары;

– Чернобыль апатшылығы ақыбетинде жәбирленген пуқаралар;

– ядро полигонлары ҳәм басқа радиациялық-ядро объектлеринде әскерий хызметти атқарған пенсия жасындағы шахслар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги