Ташкент қалалық ИИББ усы жылдың 1-июль күнинен баслап ески түрдеги биометриялық емес паспортлардың әмел етиў мүддетиниң тоқтатылыўын және бир мәрте ескертти, деп жазады Qalampir.uz сайты.

«Ташкент қалалық ИИББ 2018-жылдың 1-июль күнинен баслап биометриялық емес пуқаралық паспортларының әмел етпеслиги ҳәм буның ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленгенлигин мәлим етеди. Сизлерден өз ўақтында паспортларыңызды алмастырыўды сораймыз», – деп жазылған ИИББ хабарында.

Сондай-ақ, пуқараларға қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде, Ташкент қалалық ИИББ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў басқармасы ҳәм оның районлық бөлимлери 26-майдан баслап саат 8:00 ден хызмет көрсетиўи де атап өтилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги