Ҳәзирги ўақытта район (қала)лардың орайларында жаслар исбилерменлик кластери, яғный инженерлик-техникалық коммуникациялар менен тәмийинленген ҳәм жаслар исбилерменлик субъектлерине узақ мүддетли ижара ҳуқықында пайдаланыў ушын берилетуғын ислеп шығарыў майданларын өз ишине алған аймақлар шөлкемлестирилген.

Кластерлер аймағында жайласқан ислеп шығарыў майданлары тек ғана Жаслар аўқамына ағза болған жас исбилерменлерге 5 жылдан көп болмаған мүддетке ижара төлеминиң «ноль»лик ставкасы бойынша ижараға бериледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги