Екшемби күни Қарақалпақстанда күшли дузлы қум даўылы бақланды. Көшелер, имаратлар, машиналар ҳәм өсимликлерди дузлы қатлам қаплады.

«Газета.uz»дың хабарына қарағанда, бундай жағдай Хорезм, Наўайы ҳәм Бухара ўәлаятларында да бақланған.

Өзгидрометтиң хабарлаўынша, арқа-батыстан есип атырған күшли самал дузлы қум даўылын келтирип шығарған. Самалдың тезлиги секундына 20 метрге жеткен.

 

 

Қолайсыз ҳаўа райы себепли «Өзбекстан ҳаўа жоллары» авиакомпаниясының Ташкенттен Ургенчке пәрўаз еткен НY-51ҳәм НY-55 рейси самолётлары Нөкис ҳәм Бухарадағы резервтеги аэродромларға қоныўға мәжбүр болған. Соңынан ҳәр еки борт та жөнелис бойынша пәрўазды қайта тиклеген.

 

 

Дузлы қум даўылының дийқаншылыққа зыян келтиретуғынлығы да айтылмақта. Бирақ, бул ҳаққында жуўапкер мәкемелер рәсмий мағлыўмат бермеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги