Елимизде жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қураллары арасында гиреўли орны бар Қарақалпақстан хабар агентлигине жаңа директор тайынланды.

26-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Журналистлер аўқамының баслығы К.Реймов ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасыўында жыйналыс өткерилди.

Жыйналыста агентликтиң усы күнге шекем директоры сыпатында жумыс алып барған Есимқан Қанаатовтың Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (ӨзА)ниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша хабаршысы лаўазымына өтиўине байланыслы Қарақалпақстан хабар агентлигине белгили журналист, мәмлекетлик ғайраткер Баҳамдулла Нурабуллаев тайынланды.

Еслетип өтемиз, Баҳамдулла Нурабуллаев усы күнге шекем республикалық көлемдеги ғалаба хабар қуралларында, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайының директоры  лаўазымларында ислеген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.