Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 2 августтағы «Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында» ғы пәрманына муўапық быйылғы жылдан баслап август айының биринши екшембиси «Өзбекистан Республикасы темир жол транспорты хызметкерлери күни» деп жәрияланды. Усы мүнәсибет пенен пайтахтымызда салтанатлы илаж болып өтти.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети жәмәәтине байрам қутлықлаўын Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов оқып еситтирди.

Өзбекистан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары, «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети басқармасының баслығы О.Раматов ҳәм басқалар ғәрезсизлик жылларында елимиздиң темир жол транспорты саласы қыйын жолды басып өткенин, елимиз аймақларын исенимли байланыстыратуғын, халықаралық транспорт жөнелислерине шығыў имканиятын беретуғын темир жол транспорты коммуникацияларының бирден-бир системасы жарытылғанын атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев усы жыл 10-март күни Бухара ўәлаятына сапары ўақтында Бухара-Мискин темир жол қурылысының жағдайы менен танысып, тармақтағы жумыслардың сапасын буннан былай да арттырыўға қаратылған бир қатар усынысларды берди. Улыўма узынлығы 355 километрди қурайтуғын бул темир жолдың 335 километри пүткиллей жаңадан қурылмақта. Усы темир жолдың қурылып, пайдаланыўға тапсырылыўы менен поездлардың қатнаўы дерлик 75 километрге қысқарады.

Қаршы ҳәм Термиз аралығындағы темир жолды электрлестириў жумыслары ҳәўиж алмақта. Узынлығы 325 километрди қурайтуғын бул жолдың 183 километри толық электрлестирилди. Үргенш-Хийўа жаңа темир жолын қурыў ҳәм электрлестириў жумыслары алып барылмақта.

Темир жол вокзалларын заман талаплары тийкарында қайта қурыў, жолаўшыларға халықаралық талаплар дәрежесинде хызмет көрсетиў имканиятын беретуғын заманагөй техникалар ҳәм технологиялар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Өткен дәўирде елимизде 16 жаңа темир жол вокзалы қурылды, 9 вокзал реконструкцияланды. Ҳәзирги ўақытта Ташкент қаласындағы Қубла вокзалды реконструкциялаў, Хийўа ҳәм Наманган қалаларында заманагөй вокзаллар қурыў бойынша жумыслар даўам етпекте.

Қурылыс-дөретиўшилик жумысларында да темир жолшылардың үлеси салмақлы болмақта. Ҳәр қыйлы қурамалы жоллар, көпирлер, эстакадалар қурыўда үлкен тәжирийбе топлаған «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети жәмәәти бүгин оғада қыйын қурылыс – жер асты ҳәм жер үсти метрополитенлерин қурыўға кирискен. Пайтахтымыздың Сергели районын қаланың орайы менен байланыстыратуғын алты бәндиргели жер үсти, Юнусабад районында жер асты метрополитенин қурыў жумыслары алып барылмақта.

Әнжуманда Президентимиздиң усы жыл 4-августтағы «Елимиздиң темир жол саласы хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық бир топар темир жолшыларға мәмлекетимиздиң ҳүрметли атақлары, орден ҳәм медальлары тапсырылды.

– Мәмлекетимиз басшысының пәрманы менен быйылғы жылдан баслап ҳәр жылы август айының екшембиси темир жол транспорты хызметкерлери күни сыпатында белгилениўи бизге шексиз қуўаныш бағышлады, – дейди «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң «Өзтемиржолмашоңлаў» унитар кәрханасының бас директоры, «Меҳнат шуҳрати» ордени ийеси Нусратилло Абдуллаев. – Билдирилген жоқары исенимге мүнәсип болыўға, мойнымыздағы жуўапкершиликти терең сезиниўге, халқымыздың мәпи жолында садықлық пенен хызмет етиўге ўәде беремиз.

Илажда белгили көркем өнер ғайраткерлери ҳәм атқарыўшы жаслардың концерти қойып берилди.

Беҳзод БОЗОРОВ,

ӨзА ның хабаршысы