Усы жыл 13-апрельде Беруний районы «Хорезм» мәкан пуқаралар жыйынында «Уллы келешек балажанлары» атлы 50 орынлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси иске түскен еди.

– Бүгинги күнге келип бақшамызға 40 бала қабыл етилди. Олар еки топарда «Балажан» бағдарламасы тийкарында  тәлим-тәрбия алмақта,-дейди бақша баслығы Раъно Худайбергенова. – Мәкемемиз тәбийғый газ, ишимлик суўы, канализация, топар бөлмелери ҳәм жатақханалары қатты ҳәм жумсақ мебеллер менен тәмийинленген. Еки тәрбияшы жумыс ислемекте.

Бақшамызда педагоглар тәрепинен инглис ҳәм орыс тиллери бойынша орайлар,  көркем гимнастика дөгереги шөлкемлестирилген.

Еслетип өтемиз, 2018-жылда мәмлекет жеке меншик шерикшилик секторы тийкарында республикамызда 179 мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилиўи режелестирилген. Соның 30 ы Нөкис қаласында, 149 ы районларда шөлкемлестирилмекте. Бүгинги күнге шекем 11 балалар бақшасы ашылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.