Президентимиз Шавкат Мирзиёев шаңарақлық мәресимлерди тәртипке салыў, оларды ықшам, ысырапгершилик ҳәм дәбдебеге жол қоймай өткериў бойынша бирнеше мәрте тапсырмалар берген еди. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен «Той-тамашалар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлер, марҳумлардың естелигине арналған илажлардың өткерилиўин тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарар жойбары ислеп шығылды. Бул жойбар 5-25 март күнлери кең жәмийетшиликтиң талқылаўынан өткерилди.

Шаңарақлық илажларды тәртипке салыў жәмийет ушын да  социаллық әҳмийетке ийе болғанлығы себепли халық тәрепинен билдирилген пикир-усынысларды инабатқа алып, усы мәселени тәртипке салыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетти ислеп шығыў мақсетинде Сенат қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасында шаңарақлық илажларды өткериў бағдарында қәлиплескен өзине тән үрп-әдет ҳәм дәстүрлер халық қатнасында үйренип шығылып, Жоқарғы Кеңестиң қарары жәрияланды. Сондай-ақ, қарар менен Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан Жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси, Ишки Ислер министрлиги ҳәм басқа да мәкемелер менен ведомстволарға, мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлерге той-тамашалар, шаңарақлық салтанатлар өткерилиўин тәртипке салыўға байланыслы мәселелерди терең үйренип шығыў тапсырылды. Қарақалпақстан хабар агентлиги жуўапкер мәкемелердеги қәнигелердиң усы бағдардағы жумыслары менен танысыў ҳәм пикирлерин билиў мақсетинде сәўбет шөлкемлестирди:          

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының диний-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары Нурылла Жамалов:

–  Халқымызда «биреў тоңып секирсе, биреў тойып секиреди» деген даналық гәп бар. Бундай дәбдебепазлықтың себеби де тойынғаннан, деп ойлайман. Тоқшылығымыздың тийкарғы дәреги тынышлығымыз болып табылады. Тынышлығымыздың арқасында ҳеш ҳимнен кем болмай, дәстурханымыз толы, үстимиз пүтин. Бирақ, ҳәр қандай гүнәның да жуўабы болғаны сыяқлы  ысырапгершиликтиң де обалы бар. Мениңше, қашан болса да ойламай ислеп атырғанымыздың азарын көремиз. Мысалы, бир ўақытлары суў көп болып, мийўе-жемислеримиз, нанымыз мол болды. Бирақ, сол ўақытлары нанның шығындыларда жатқанының көп гүўасы болатуғын едик. Бурынғы Аўқамның ўақтында ҳүкиметлик жумыста ислейтуғынларға мәмлекет тәрепинен айма-ай азық-аўқатлар бийпул берилетуғын еди. Нан, гөш ҳәм басқа да жемислерди жеп үлгере алмай, аўысып қалса, атыздың шетине апарып көметуғынлар да болған. «Ондай етип ысырап қылғанша, қоңсы-қобаларыңа берсең-о» десем, «Яқ, мен берсем, несийбем соған буйырып кетеди» деп жуўап қайтарғанларды да ушыраттым. Бул ислер ушын да жаза алдық, халқымыз бир неше мәрте суўсызлықты бастан кеширгени, шегирткелердиң көбейип кетип жетилисип турған зүрәәтти жоқ еткени бийкарға емес. Ҳәзирги ўақытта ең үлкен жемисимиз – тынышлығымыз. Биз сол тынышлығымыздың қәдирине жетпей тойып секирип атырмыз.

Халқымызға айтарым, ҳәзирги ўақытта дүньяда қанлы урыслардың ошағына айланып атырған, ашлық, суўсызлық себепли халқы қырылып баратырған мәмлекетлер қаншадан-қанша. Олардың тәғдирин Өзбекстанымыздың маңлайына жазбағай! Тойып секириўдиң де бир күни жуўабы бар, тәўбеге келиў керек, шүкиршилик етиў керек.

Өзбекстан жаслар аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәллелер Кеңеси жаслар шөлкеми жетекшиси Азиз Халмуратов:   

– Той ҳәм басқа да мәресимлеримиз қәдриятларымыздың айнасы. Солай екен той-бәзимлердиң, мерекелердиң ықшам ғана халықтың мәплерин, миллий қәдриятларымызды ҳәм үрп-әдетлеримизди есапқа алған ҳалда өткерилиўин тәмийинлеў керек. Жасларымыздың арасында усы түсиникти сиңдириў мақсетинде үгит-нәсият жумысларын  алып бармақтамыз. Жумысларымыз өз нәтийжесин берип, усындай мәресимлеримиздиң тәртипли, ысырапгершиликсиз өткерилиўине ериспектемиз. Өзбекстанның 60 проценттен асламын жаслар қурайды. Олар ертеңги күнимиздиң ийелери екенин есапқа алсақ, биринши гезекте жасларды дурыс жолға салып, абадан келешекти қурыў жолын көрсетиўимиз керек.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Айжамал Нуржанова:

– Ҳәр қандай қыз ержетип, ақ көйлек кийиўди әрман етеди. Өмиринде бир мәрте болатуғын бахытлы күниниң есте қаларлықтай өтиўин қәлейди. Қасындағы қурбы-қурдаслары, жора-жолдасларынан кем болғысы келмей, дәбдебели тойдың төринде отырыўды ҳәўес етеди. Бирақ, бир күнлик тойдың кейни бахытсыз турмыс, ҳәтте, ажырасыўлар менен жуўмақланып атырғанының көп гүўасы болып атырмыз. Дурыс ата-аналар да перзенти ушын барын шашып, жоғын жонып таслайды. Балаларым бахытлы болар-аў, деген үмитлер менен той береди. Деген менен, үлкен той-бәзимлер олардың бахты ушын кепиллик бола алмайды. Барлығы жас жубайлардың бир-биреўин түсинип, татыў жасаўына байланыслы.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас штабының аға инспекторы, майор Мурат Мырзамуратов:

– Қашан бахытсыз ҳәдийсе болып, тойларымыздың жаназаға айланыўын күтип отырмай, пайдасыз үрп-әдетлерди сапластырыўымыз керек. Солардың бири «гулянка» себепли қаншадан-қанша пуқараларымыз физикалық ҳәм материаллық зыян көрип атыр. Дурыс, усының арқасында нан таўып, руўзыгершилигин тербетип отырған шофёрлар да бар. Бирақ, ҳәр қандай қыңыр истиң қыйығы шығады. «Гулянка»да автомобиль басқарыў тәўекел ис, күнлердиң биринде автоавария менен жуўмақланады. Себеби, бир-еки саатлық «қыдырышма» ушын той ийелери айырым жағдайларда ҳәр бир автомобильге 500 долларға шекем пул төлейди екен. Сонша қәрежетти табыўдың өзи аңсатлық пенен болмайды.

Мениңше, «гулянка»ны улыўма сапластырыў керек. Бул ушын дәслеп усы мақсетте жолға шыққан автомобиль басқарыўшыны бир неше жылға айдаўшылық гүўалығынан айырыў ҳәм автомобильди автотранспорт қойыў майданшасына жайластырыў керек. Ҳәзирги ўақытта қолланып атырған шофёрға жәрийма салыў илажларымыз нәтийже бермей атыр, қайтама жәриймадан қутылыў мақсетинде бурынғыдан да көп тойларға буйыртпа алады.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы