Усы жыл 18-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Мәжилисте депутатлар өзлериниң конституциялық ўәкилликлери шеңберинде Есап-санақ палатасының  2017-жылғы есабын көрип шықты.

Мәжилисте Есап-санақ палатасы баслығының биринши орынбасары О.Рустамов есап берип шығып сөйледи.

Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасы елимиздиң ең жоқары дәрежедеги сыртқы аудит ҳәм қаржы қадағалаў уйымы есапланып, Олий Мажлис палаталарына есап бериўши болып табылатуғынын атап өтиў зәрүр. Сол себепли, есап дәслеп сиясий партиялардың фракциялары ҳәм депутатлық топарлары тәрепинен көрип шығылды. Фракцияларда өткерилген додалаўлар даўамында депутатлар парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў ҳәм нызам дөретиўшилиги жумысын жетилистириў, сондай-ақ, қадағалаў-талқылаў илажларына пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллерин белсене түрде тартыў бойынша парламент ҳәм Есап-санақ палатасының өз-ара бирге ислесиўин күшейтиўге бағдарланған бир қатар усынысларды ислеп шықты.

Есапта атап өтилгениндей, Есап-санақ палатасының 2017-жылдағы жумысы елимиз Президентиниң пәрман ҳәм қарарлары, соның ишинде, «Өзбекстан Республикасын буннан былай да раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм басқа да ҳүжжетлери тийкарында шөлкемлестирилди. Соның менен бирге, Мәмлекетлик бюджеттиң қәлиплесиўи ҳәм дәраматларын көбейтиў резервлерин анықлаў ҳәм жумсаў, Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары ҳәм тапсырмаларының, соның ишинде, аймақларда әмелге асырылған сапар етиў даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеўге қаратылған.

Усынылған мәлимлемеде, Есап-санақ палатасының өткен жылғы жумысында мәмлекелик бюджет жойбары параметрлериниң қәлиплестирилиўи ҳәм олардың социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларына муўапқлығын системалы талқылаў, қабыл етилип атырған мәмлекетлик ҳәм аймақлық бағдарламалардың қаржыландырыў дәреклери менен тәмийинленгенлигиниң сыртқы аудитин әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылғанлығы атап өтилди.

Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының 2018-жылғы мәмлекетлик бюджети ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының бюджетлери, сондай-ақ, салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары жойбарын жетилистириў бойынша 32 усыныс билдирилди. Мәмлекетлик бюджет дәраматларының болжаў жойбары Есап-санақ палатасының 10 усынысы тийкарында қайта көрип шығылып, 1,4 триллион сумға қайта есап-санақ етилиўине ерисилди.

Жергиликли бюджетлерге қосымша дәрамат дәреклерин анықлаў нәтийжесинде бюджетке дерлик 120 миллиард сум қосымша дәрамат дәреклери анықланды. Атап айтқанда, Самарқанд ўәлаятында 27 миллиард сум, Ташкент ўәлаятында 21,4 миллиард сум, Наманган ўәлаятында 6,3 миллиард сум ҳәм Ташкент қаласының Алмазар районында 30,4 миллиард сум, Бектемир районында 19,4 миллиард сум ҳәм Сергели районында 13,3 миллиард сум қосымша дәраматлар анықланған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмасы бойынша мәмлекетлик ҳәм аймақлық социаллық-экономикалық бағдарламалар, Президенттиң қарарлары, сондай-ақ, шет мәмлекетлерге мәмлекетлик сапарлары даўамында қол қойылған келисимлерди ҳәм ҳүжжетлерди әмелге асырыўдың толықлығы ҳәм нәтийжелилиги бойынша қадағалаўды шөлкемлестириў жумыслары Есап-санақ паластының 2017-жылдағы жумысының тийкарғы бағдарларынан бири болды. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм Есап-санақ палатасы тәрепинен денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде орынларға шыққан ҳалда үйрениўлер өткерилген.

Парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде Есап-санақ палатасының 2017-жылғы есабы тыңланғаннан кейин оның толық додалаў болып өтти, додалаў даўамында барлық сиясий партиялардың фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының ўәкиллери шығып сөйледи.

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясы ағзалары Есап-санақ палатасының 2018-жылдағы жумысын буннан былай да жетилистириў мақсетинде үлги жойбарлар тийкарында қурылып атырған турақ жайлардың дәслепки өзине түсер баҳасы қәлиплесиўин ҳәм олардың сапасын қадағалаўға алыўды, билимлендириў ҳәм медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў бойынша бағдарламалардың қәлиплестирилиўинде әҳмийетлилик, әдиллик ҳәм ашық-айдынлық принциплериниң үстинлигин тәмийинлеўге ерисиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракицясы Есап-санақ палатасы тәрепинен аймақларда анықланған машқалалы мәселелерди ҳәм кемшиликлерди сапластырыў, оларға келешекте жол қоймаў ҳәм алдын алыў және бюджет қаржыларының нәтийжелилигин тәмийинлеўде жергиликли бюджетлердиң ҳәр шеректеги орынланыўы ўәкилликли уйымлар тәрепинен додаланыўы мәселелерине итибарды буннан былай да күшейтиў зәрүрлигин билдирди.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясынан шығып сөйлегенлер үйрениўлер даўамында денсаўлықты сақлаў ҳәм халық билимлендириў системасында, халыққа коммуналлық хызмет көрсетиў тараўында қаржыда қәте ҳәм кемшиликлер көплеп ушырасып атырғанын, сол тараўларда анықланған нызам бузылыў жағдайларын ҳәм жол қойылған кемшиилклерди сапластырыў, сондай-ақ, келешекте олардың алдын алыў бойынша парламентлик тыңлаўларды шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти.

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы фракциясы ағзалары Есап-санақ палатасы тәрепинен мәмлекетлик бюджет жойбарын көрип шығыў даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 23-июньдеги «Республика халқын социаллық әҳмийетке ийе азық-аўқат товарларының тийкарғы түрлери менен исенимли тәмийинлеўге байланыслы кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық бюджеттен қаржыландырылатуғын денсаўлықты сақлаў мәкемелери ушын дәри қураллары ҳәм медицинаға мөлшерленген буйымларды сатып алыў ушын  Мәмлекетлик бюджеттен қосымша 48 миллиард сум нәзерде тутылыўы тәмийинленгенин айрықша атап өтти.

Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топарының ўәкиллери тәрепинен үйрениўлер процесинде анықланған кемшиилклерди сапластырыў мақсетинде Есап-санақ палатасы тийисли министрликлер ҳәм ведомстволар менен биргеликте нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында усыныслар таярлаў бойынша жумысларды системалы түрде алып барыўды буннан былай да күшейтиў, «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханаларының жумысын буннан былай да қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылып атырған қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўды системалы түрде тексерип барыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Барлық сиясий партиялар фракциялары ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлық топары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасының 2017-жылғы есабы мақулланды. Олий Мажлис Нызамшылық палатасы билдирилген пикир-усынысларды инабатқа ала отырып, Өзбекстан Республикасы Есап-санақ палатасының 2017-жылғы есабын тастыйықлады ҳәм тийисли қарар қабыл етти.

Буннан соң, депутатлар төменги палата мәжилисиниң күн тәртибине киргизилген бир қатар нызам жойбарларын биринши ҳәм екинши оқыўларда көрип шықты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Мәлимлеме хызмети