Кегейли районында «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек!» сүрени астында үш күн даўамында «Ҳуқықый мәлимлеме күнлери» илажы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басламасы менен шөлкемлестирилген көшпели илажда районның ең шетки аўыл пуқаралар жыйынларында жасап атырған халықты қамтып алған ҳалда орынларда ушырасыўлар өткерилди. Олардың күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалаларды шешиў, оларға ҳуқықый хызметлер көрсетиў мақсетинде дүзилген 4 жумысшы топардың ағзалары үйме-үй кирип, жағдайлар менен танысып шықты.

Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында атап өтилгениндей,  өткен 2017-жыл халық пенен жақыннан пикирлесиў, олардың дәртин, тәшўишлерин, турмыслық машқалаларын нәтийжели шешиў бойынша жаңа система жаратылған жыл болды. Атап айтқанда, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли бағдары бойынша қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек» деген принцип тийкарындағы унамлы өзгерислер халқымыздың өмиринде ҳәм күнделикли турмысында өзиниң айқын көринисин таппақта. Нәтийжеде  пуқараларымыздың жәмийетлик белсендилиги, ертеңги күнге деген исеними артып бармақта. Бундай қайырлы ислер быйылғы «Жедел исбилерменлик, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда да даўам етпекте. «Ҳуқықый мәлимлеме күнлери» темасында үш күн даўамында өткерилген илаж буның және бир мәрте айқын дәлийли болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылы 13-апрельдеги «Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм пуқаралардың ҳуқықый санасын арттырыўдың заманагөй және тәсиршең усылларын енгизиў, оларға қабыл етилип атырған нызамлар ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин, әҳмийетин жеткериў, халықтың ҳуқықый саўатсызлық дәрежесин сапластырыў бойынша илажларды әмелге асырыў тийкарғы жумыс бағдары сыпатында белгилеп берилди. Соның менен бирге, әдиллик уйымлары «Әдил нызамларды қабыл етиў, жәмийетте нызамға ҳүрмет руўхын енгизиў – демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўдың гиреўи» деген концептуаллық идеяны турмысқа енгизиўге қаратылған бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясаттың әмелге асырылыўын тәмийинлейтуғын профессионал хызметке айландырылды. Усы пәрман тийкарында районлық (қалалық) әдиллик бөлимлериниң шөлкемлестирилиўи тараў жумысларын еле де жетилистириўге хызмет етеди.

Илаж шеңберинде Әдиллик министрлиги, Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, жәмийетлик шөлкемлердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының қәнигелеринен дүзилген жумысшы топар ағзалары тәрепинен район халқынан тийисли уйымларға, Халық қабыллаўханаларына келип түскен мүрәжатлар ҳәр тәреплеме терең үйренилип шығылды. Соның менен бирге, бүгинги күнниң машқаласы есапланған орынларда коммуналлық хызметлер көрсетиў, үй қалталы қыйтақ жерлеринен пайдаланыў, арзан турақ жай алыў, мийнет миграциясы, банклерден кредит алыў тәртиби ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелер бойынша түсиниклер берилди. Районның ең шетки «Аспантай», «Еркиндәрья», «Жүзимбағ» аўыллық пуқаралар жыйынларында, «Қазанкеткен» мәкан пуқаралар жыйынында, район орайында көшпели суд мәжилислери өткерилип, онда шаңарақлық ажырасыўлар, мүлкий даўалар, жер, транспортты басқарыў  ҳәм басқа да мәселелерде кең түрде түсиниклер берилди.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлерди қоллаў-қуўатлаў, оларға жаратылған шараятлар бойынша пикир алысыўлар болды. Усы тараў менен шуғылланыў тилегин билдирген жаслардың қатнасында өткерилген «Бизнес тренинг» илажы көпшиликтиң қызығыўшылығын арттырды.

Ҳаял-қызлар комитети, пуқаралық ислери бойынша суды, ПҲАЖ бөлимлери менен биргеликте «Шаңарақ муқаддес» темасында дөгерек сәўбетлери өткерилди. Онда жақын ағайинлердиң арасында неке, ерте турмыс қурыўдың ақыбетлери, шаңарақтың беккемлигинде ҳаяллардың орны және ўазыйпалары бойынша кең түрде мәсләҳәтлер берилди. Жаслардың ҳуқықый           саўатлылығын арттырыў мақсетинде улыўма билим бериў мектеплери, кәсип-өнер колледжиниң оқыўшылары арасында «Сиз Нызамды билесиз бе?» таңлаўы, 1- ҳәм 6-класстың оқыўшылары арасында «Нызам мениң түсинигимде» темасында сүўрет салыў бойынша таңлаў өткерилип, жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды. Соның менен бирге тойларды ықшамластырып өткериў, шаңарақта медициналық мәдениятты арттырыў, қызларды шаңарақ қурыўға таярлаў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў бойынша қәнигелер тәрепинен баянатлар жасалды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша район аймағында жасаўшы Екинши жер жүзилик урыстың еки қатнасыўшының ҳал-жағдайларынан хабар алынып, оларға саўғалар тапсырылды. Қәнигелер жәрдемге мүтәж шаңарақларда болып, олардың машқалалары үйренилди. Усындай шаңарақтан үш пуқара тийисли шөлкемлерге жумысқа орналастырылды, бес пуқараға жеңилликли кредит, еки адамға пуқаралық паспорт алыўда әмелий  жәрдем көрсетилди. Орынларда мәмлекетлик нотариал мәкемелери, ПҲАЖ бөлимлери қәнигелериниң көшпели қабыллаўлары шөлкемлестирилип, халыққа ҳуқықый хызмет көрсетилди.

-Өткерилген илаж халқымыз арасында ҳуқықый мәдениятты арттырыўда, оларға хызмет көрсетиўде машқалалардың еле де болса баршылық екенлигин көрсетти,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Әбилқасым Өтеўлиев,- Бундай илажларды алдағы ўақытлары республикамыздың басқа районларында да өткериўди режелестирип отырмыз.

Жуўмақлап айтқанда, халықтың ҳуқықый саўатлылығын ҳәм мәдениятын арттырып барыў елимиздиң бүгинги күнге алға қойған әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып табылады. Солай екен,  бул илажға белсене қатнасыў тек тараў қәнигелериниң ғана емес, бәршемиздиң пуқаралық  ҳәм жәмийетимиз алдындағы баслы миннетли ўазыйпамыз болып қалады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы