Өзбекстан мусылманлары басқармасының Пәтўа комиссиясы 2018-жыл (ҳижрий 1439-жыл) ушын ЗӘКАТ төлеми 1 грамм алтынның ҳәзирги ўақыттағы базарларымыздағы орташа баҳасы 188 235 (бир жүз сексен сегиз мың еки жүз отыз бес) сум муғдарында екенлигин есапқа алып, 85 грамм алтын есабынан зәкат төлеми 16 000 000 (он алты миллион) сум екени ҳәм усы сумманың қырықтан бир (1/40) есеси, яғный 400 000 (төрт жүз мың) сум муғдарында зәкат шығарыўды мақуллады. Бул ҳаққында ӨзА хабар бермекте.

Быйылғы ФИТР садақасының муғдары ўәлаят, қала ҳәм районларымыздың базарларындағы 2 килограмм бийдай баҳасынан келип шығып белгиленди. Мәселен, 2018-жылы Ташкент қаласы базарларында 1 килограмм бийдайдың баҳасы орташа 2500 (еки ярым мың) сум болса, демек 2 килограмм бийдайдың баҳасы 5000 (бес мың) сум болады.

Усы жыл ушын ФИДЯ муғдары турақлы түрде ораза тута алмайтуғын адамлар ушын бир аш адамның бир күнлик азық-аўқаты муғдарында болып, орташа 12 000 (он еки мың) сум деп белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги