30-апрель күни Берунийден Ташкентке пияда жол алған Равшан Яхшимурадов 12-май күни түстен кейин Ташкентке жетип барды ҳәм ол жақта Биринши Президентимиздиң өмирлик жолдасы Татьяна Кәримова менен ушырасты.  Жерлесимиз әжайып тәсирлер менен Берунийге қайтып келди.

«Бизден азат ҳәм абат Ўатан қалсын!», «Елим деп, журтым деп, жанып жасаў керек» деген уллы идеяларды алға қойып, келешек әўлад ушын ибрат мектебин жаратқан Биринши Президентимиздиң ҳүрметине пияда марафон шөлкемлестирип, ол ҳаққында китап жазыўды мақсет еткен Равшан жол-жөнекей Самарқанд қаласында болған. Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етип, оқыған мектебин, үйин көрип, Самарқанд қаласы турғынлары менен сәўбетлескен, тойларға қатнасқан.

– Дерлик он төрт күнлик жол басып, жолда көп нәрселерди көрдим, өзим күткеннен де көбирек мағлыўматлар, бәринен бурын, Биринши Президентимиз ҳаққында китап боларлық материаллар топладым, адамлардың жасаў шараятлары менен таныстым. Ташкент қаласында Татьяна Кәримова менен ушырастым, – дейди Р.Яхшимурадов.

Енди Равшан тәсирлерин китап етип жазыўды нийет етпекте.

Еслетип өтемиз, бул пуқара Өзбекстан Республикаси Президентиниң виртуал қабыллаўханасына 5-февраль күни  Биринши Президентимиз Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигине бағышлап пияда марафон өткериў мәселесине әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен еди.

 

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы