USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 26 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАННЫҢ ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫН ТӘМИЙИНЛЕЎ БОЙЫНША БАСЛАМАЛАРЫ ВАШИНГТОНДА ТӘН АЛЫНДЫ

Вашингтон, 14-май ӨзАның арнаўлы хабаршысы Әбиў Бәкир ОРАЗОВ хабар етеди.

Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәтине бола 2018-жыл 15-17май күнлери рәсмий сапар менен АҚШ та болады.

Мәмлекетимиз басшысының АҚШ қа рәсмий сапары алдынан Өзбекстан делегациясы ағзалары бир қатар әҳмийетли илажларда қатнаспақта. Вашингтон қаласындағы Миллий пресс-клубта «Өзбекстанның инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша ерискен табыслары ҳәм келешектеги ўазыйпалары» темасында конференция болып өтти.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы, Халықаралық пресс-клуб, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Өзбекстанның АҚШ тағы елшиханасы ҳәм қатар халықаралық шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген әнжуманда белгили илимпазлар, қәнигелер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев, Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы директоры А.Саидов, франциялы тарийхшы илимпаз, социолог М.Ларюэль, Human Rights  Watch шөлкеминиң Орайлық Азия бойынша басшысы С.Свердлов, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы басқармасы баслығы Ф.Адухалиқов, Халықаралық пресс-клуб басшысы Ш.Қудратхўжаев ҳәм басқалар Өзбекстанда демократиялық ҳуқықый мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийетин қурыўда, инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде ғалаба хабар қуралларының ролин күшейтиўге, елимиздиң халықаралық майданда мүнәсип орын ийелеўине бағдарланған комплексли илажлар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм оның тийкарында қабыл етилген нызамлар жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумыстың барлық тараўларын реформалаў ушын ҳуқықый  тийкар жаратқаны атап өтилди. Өзбекстан конституциясында елимиз ғәрезсизликке ерискен кейин қосылған дәслепки халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерден бири болған Инсан ҳуқықлары пүткил жәҳән декларациясында нәзерде тутылған тийкарғы принциплер өз көринисин тапқан.

Бүгинги күнде Өзбекстан инсан ҳуқықлары бойынша 70 тийкарғы ҳүжжетке қосылған, БМШ тәрепинен усы тараўда қабыл етилген 10 тийкарғы халықаралық шәртнаманың қатнасыўшысы болып есапланады.

Елимизде миллий нызамшылықты ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына халықаралық стандартларды системалы ҳәм басқышпа-басқыш имплементациялаўдың өз модели, инсанның конституциялық ҳуқықлары ҳәм еркинликлерине әмел етилиўи мониторингиниң миллий системасы қәлиплестирилген.

Өзбекстанда инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиў мақсетинде нызам ҳүжжетлери турақлы жетилистирилип барылмақта.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде елдиң халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы субъекти сыпатындағы орнын ҳәм ролин буннан былай да беккемлеў. раўажланған демократиялық мәмлекетлер қатарынан орын алыў, Өзбекстан әтирапында қәўипсизликти, турақлылық ҳәм жақын қоңсышылық орталығын жаратыў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Конференцияда соңғы жылларды Өзбекстанда инсан ҳуқықлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар дүнья жәмийетшилиги тәрепинен айрықша тән алынғаны атап өтилди.

Илажда елимизде суд ҳәкимиятының пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдағы роли, суд-ҳуқық системасын реформалаў тараўында ерисилген нәтийжелер бойынша пикир алысылды.

Тараў қәнигелери журналистлердиң сораўларына жуўап берди.

ӨзА