Ташкент қаласында 15-май күни Германия-Өзбекстан Исбилерменлик кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.

Онда еки мәмлекеттиң сыртқы экономикалық байланыслар, саўда, инвестиция, банк-қаржы, қурылыс материаллары, аўыл хожалығы машина қурылысы, автомобиль, химия, электротехника санааты, банк секторы, туризм, хызмет көрсетиў сыяқлы тараўлар ушын жуўапкер министрликлер ҳәм ведомстволардың, компаниялар менен концернлердиң ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Арипов, Германия-Өзбекстан Исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы, «Knauf Gips KG» компаниясының атқарыўшы директоры М.Грундке ҳәм басқалар еллеримиз арасындағы бирге ислесиў барлық тараўда жедел раўажланып атырғаны, экономикамызға шет ел инвестицияларын тартыў ҳәм оның өзине тәнлигин арттырыў бойынша жумыслар онда әҳмийетли фактор болып атырғанын атап өтти.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында да экономиканы буннан былай да раўажландырыўға ҳәм либералластырыўға бағдарланған макроэкономикалық турақлылықты беккемлеў, жоқары экономикалық өсим пәтлерин сақлап қалыў, миллий экономиканың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў арқалы елимиз экономикасының тармақларына ҳәм аймақларына шет ел инвестицияларын жедел тартыў белгиленген.

Соңғы жыллары экономикамыздың потенциалын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Миллий валютаны еркин конвертациялаў системасына толық өтилди, бизнес тараўындағы салықлар қысқартылды, кредит алыў имканиятлары кеңейди, еркин экономикалық зоналар шөлкемлестирилип, оларда инвесторларға кең жеңилликлер берилди. Халықаралық қаржы институтлары менен бирге ислесиў табыслы раўажланбақта. Бул шет ел инвесторларының елимизге қызығыўшылығын арттырмақта.

Бүгинги күнде елимизде шет ел капиталының қатнасыўында 5 мыңнан аслам компания жумыс ислемекте, олардан 132 си германиялы исбилерменлер менен шөлкемлестирилген. Өзбекстанда Германияның жетекши компаниялары менен өз-ара пайдалы ҳәм узақ мүддетли шерикликти раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Бүгинги күнде елимизде Германияның «МAN», «Claas», «Lemken», «Кnauf»  сыяқлы өз тараўында жетекши болған концернлери менен кәрханалары табыслы жумыс ислемекте. «Siemens», «Bosch», «Viessmann», «Humana» ҳәм басқа да көплеген компаниялар менен биргеликте перспективалы инвестициялық жойбарлар ислеп шығылмақта.

Өзбекстан экономикасына Германиядан тартылған инвестициялар турақлы өсип атыр. Елимиздиң шет ел инвесторларына жеңилликли имканиятлар жаратыў бойынша ис-ҳәрекетлери Германия исбилерменлери арасында жоқары баҳаланбақта.

– Өзбекстан үлкен экономикалық потенциалға ийе ел, – дейди Германия Федеративлик Республикасының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Гюнтер Оверфельд. – Бүгинги илажға Германияның жетекши компаниялары келген. Мақсетимиз – еллеримиз арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў. Илаж шеңберинде «Knauf» компаниясы Бухарада жаңа өндирис линиясын ашпақта. Буннан тысқары, машина қурылысы ҳәм химия санаатында да бирге ислесиўди кеңейтиўди режелестиргенбиз.

Мәжилис даўамында Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, Сыртқы-саўда министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети тәрепинен еки елдиң исбилермен топарларының ўәкиллери ушын Өзбекстан-Германия бизнес форумы ҳәм кооперациялық биржа шөлкемлестирилди.

Форумда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икромов германиялы исбилерменлерди Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, исбилерменлик орталығын жақсылаў, киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликти қорғаў, елимиз экономикасының инвестициялық тартымлылығын арттырыў, еркин экономикалық зоналарда инвесторлар ушын жаратылған шараятлар менен таныстырды.

Германия бизнес-делегациясының ағзалары елимизде инвесторлар ушын жаратылған қолайлы шараятларды жоқары баҳалап, бул бизнес-форум исбилермен топарлардың ўәкиллери ушын өз-ара тәжирийбе алмасыў майданы екенин атап өтти.

– Германиялы исбилерменлер Өзбекстан менен кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы бизнес-шерикликтен мәпдар, – дейди«Mangold consulting» компаниясының басшысы Клаус Мангольд. – Елиңиздиң тартымлы инвестициялық орталығы шет ел инвесторларын өзине кеңнен тартпақта. Мен туризм тараўындағы ири компаниялардын бири болған «TUI AG» бақлаў кеңесине де басшылық етемен. Өзбекстанның туризм потенциалы менен жақсы таныспан. Келешекте елиңизге германиялы туристлерди тартыўды кеңейтиўди режелестиргенбиз.

Кооперациялық биржада елимизден дерлик 150 исбилермен және Германияның 40 ири компаниясының ўәкиллери қатнасты. Онда жаңа қоспа кәрханалар шөлкемлестириў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм өз-ара пайдалы шәртнамалар дүзиў сыяқлы мәселелер додаланды.

Усы күни германия делегациясы Ташкент қаласы Чиланзар районындағы «Алгоритм» заводында да болды. Бул жерде Германия исбилерменлери тәрепинен киши санаат зонасын шөлкемлестириў режелестирилген.

 

Байрам АЙТМУРАДОВ,

Улығбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршылары