Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Америка Қурам Штатлары Президенти Дональд Трамптың мирәт етиўине бола 2018-жыл 15-17-май күнлери дәслепки рәсмий сапар менен АҚШта болады.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерде Өзбекстан – АҚШ бирге ислесиўиниң жағдайын ҳәм оны раўажландырыўдың перспективаларын додалаў, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе баслы мәселелер бойынша пикир алысыў режелестирилген.

Вашингтонда мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, АҚШ Конгресси, Қорғаныў министрлиги ҳәм Мәмлекетлик департаменти және Жәҳән банкинде еки тәреплеме ушырасыўлар өткереди.

Рәсмий сапардың жуўмағында еки мәмлекет Президентлери «Өзбекстан ҳәм Америка Қурама Штатлары: стратегиялық шерикликтиң жаңа дәўириниң басланыўы» деп аталған Бирликтеги билдириўге қол қойыўы, ҳәр қыйлы тараўлардағы өз-ара қатнасықларды буннан былай да беккемлеўге қаратылған ҳүжжетлер топламының қабыл етилиўи күтилмекте.

ӨзА