Соңғы ўақытлары мәжбүрий мийнет мәселеси күн сайын актуалласып бармақта.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» видеоблогында мәжбүрий мийнет мәселесине байланыслы нормаларға түсиник берилди, деп жазады Kun.uz сайты. Онда былай делинеди: «Конституциямыздың 37-статьясына муўапық, ҳәр бир шахс мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, әдил мийнет шараятларында жумыс ислеў ҳәм нызамда көрсетилген тәртипте жумыссызлықтан қорғаныў ҳуқықына ийе.

Суд қарары тийкарында белгиленген жазаны атқарыў тәртибинен ямаса нызамда көрсетилген басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи».

 

Мәжбүрий мийнет не ҳәм ол қандай көринислерге ийе?

Мәжбүрий мийнет – белгили бир жазаны қолланыў менен қорқытыў арқалы жумысты орынлаўға мәжбүрлеў болып табылады. Яғный ҳеш ким шахсты жумыстан шығарып жиберемен, айлығыңды кемейтемен, лаўазымыңды түсиремен ҳәм усы сыяқлы қорқытыўлар менен мәжбүрий мийнетке жегиўи мүмкин емес.

 

Төмендеги жумыслар мәжбүрий мийнет есапланбайды:

– әскерий ямаса альтернативалық хызмет ҳаққындағы нызамлар тийкарындағы жумыслар;

– айрықша жағдай жүз берген шараятлардағы жумыслар;

– судтың нызамлы күшке кирген қарарына муўапық қолланылатуғын жумыслар;

– нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайларда орынланыўы керек болған жумыслар мәжбүрий мийнет деп есапланбайды.

 

Демек, жоқарыдағы көрсетилген жағдайлардан тысқары хызметкерди мәжбүрлеў ямаса қорқытыў, жаза қолланыў, мийнетин хошаметлеўди шеклеў сыяқлы усыллар арқалы тиккелей лаўазымлық ўазыйпасына кирмейтуғын ҳәр қандай жумысқа тартыў мәжбүрий мийнет деп табылады.

Хызметкерлерди олардың разылығысыз абаданластырыў, мәўсимлик аўыл хожалығы ҳәм қурылыс жумысларына, сондай-ақ, ҳәр қыйлы илажларға тартыў сыяқлылар да мәжбүрий мийнеттиң көринислери деп баҳаланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.