Халқымыздың қәдир-қымбатын, ар-намысын қорғаў, басқыншы ҳәм жаўыз күшлерге қарсы гүреслерде қайтпас жигерлилик ҳәм ерлик үлгисин көрсетип, бүгинги тыныш-татыў күнлер ушын жанын пидә еткен бабаларымыздың муқаддес естелигин ядқа алыў, олардың ийгиликли ислерин даўам еттириў биз ушын әзелий қәдриятлар болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен кеңнен белгиленип атырған Еслеў ҳәм қәдирлеў күниниң мазмун-мәнисинде әне усындай ийгиликли принциплер жәмлескен.

Бул байрамда бүгинги тыныш-татыў турмысқа қандай аўыр сынақлар ҳәм машақатлардың есабынан ерисилгенин терең сезинемиз. Бул жолда қайтыс болған жерлеслеримиздиң естелигине бас ийемиз. Бизге несип еткен ғәрезсизликтиң, тынышлық-татыўлықтың әҳмийетин және де терең түсинемиз.

 

 

Мәмлекетимиз тәрепинен кексе әўлад, соның ишинде, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм фронтарты хызметкерлериниң кеўилин көтериўге, денсаўлығын беккемлеўге, олар ушын қолайлықлар жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта. Президент Шавкат Мирзиёевтиң усы жыл 16-апрельдеги «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын хошаметлеў ҳаққында»ғы пәрманы және «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарында урыс қатнасыўшыларының ҳал-жағдайынан хабар алыў, елимиздиң тынышлығы ҳәм азатлығы жолында жанын пидә еткен жерлеслеримиздиң естелигин ядқа алыўдай ийгиликли мақсетлер өз көринисин тапқан.

Усы ҳүжжетлерге муўапық Екинши жер жүзилик  урыс қатнасыўшыларының ҳәр бирине Президентимиздиң қутлықлаўы, 5 миллион сумнан ақшалай сыйлық ҳәм байрам саўғалары салтанатлы түрде тапсырылды. Олардың жағдайынан хабар алынып, материаллық ҳәм руўхый жақтан жәрдем көрсетилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Мәденият, Қорғаныў, Ишки ислер министрликлери, Ҳаял-қызлар комитети, Жаслар аўқамы, Көркем өнер академиясы, Руўхый-ағартыўшылық орайы, «Нураний» қоры ҳәм «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры басқа да шөлкемлер менен биргеликте Ўатанымыздың азатлығын қорғаўшыларға бағышланған арнаўлы ушырасыўлар ҳәм көркем-ағартыўшылық кешелер өткермекте.

9-май. Пайтахтымыздағы Еслеў майданы ҳәр қашанғыдан да адамларға толы. Бул жерге сенаторлар ҳәм депутатлар, ҳүкимет ағзалары, әскерлер келген.

Саат 9:00. Майданға Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев кирип келди.

Мәмлекетимиз басшысы Екинши жер жүзилик урыста жанын пидә еткен жерлеслеримиздиң естелигине ҳүрмет көрсетти – әскерий оркестр сазлары астында Ҳәсиретли ана естелигине гүл қойды.

Ҳәсиретли ана естелиги ҳәр қыйлы министрликлер менен ведомстволардың, жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери тәрепинен қойылған гүллерге бөленди.

 

 

Усы күни Ташкент қаласындағы Ботаника бағында Еслеў ҳәм қәдирлеў күни және Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 73 жыллығына бағышланған байрам илажы болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасынан ҳәм ўәлаятлардан урыс ҳәм мийнет ветеранлары мирәт етилди.

Бағ байрамға сай безелген. Сахна артындағы үлкен мониторда халқымыздың урыс дәўиринде көрсеткен ерлиги ҳәм жигерлилиги, жаўынгер азаматлардың бийминнет қаҳарманлықлары сәўлеленген көринислер көрсетилди. Мәртлик, азат Ўатан, тынышлық жырланған сүренлерден жүреклер шәўкилдеди.

Бағ ишиндеги майданда урыс жылларындағы орталық сәўлеленген. Сәркардалық штабы, окоп ҳәм блиндажлар, медицина пункти, дала асханасы қурылған, Екинши жер жүзилик урыс дәўириндеги әскерий техника, қурал-жарақ үлгилери жайластырылған. Саўаш майданларында әскерлеримиз көрсеткен мәртлик ҳәм ерлик, урыстан қайтпаған мыңлаған жерлеслеримиздиң муқаддес естелиги, ата-бабаларымыздың фронтарты мийнет искерлиги сәўлеленген.

Өзбекстан Қураллы Күшлери Орайлық қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң атқарыўында музыка жаңлады.

Байрам салтанатында қатнасып атырғанлар Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қол шапатлаўлар менен күтип алды.

Шақырық намасы жаңлады.

Президент Шавкат Мирзиёев минберге мирәт етилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерге жыйналғанларды, пүткил халқымызды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң 73 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлады.

 

 

Саўаш майданларында мәртлик көрсеткен, фронт артында мийнет етип, бүгин турмысымызға берекет дарытып жүрген ветеранларымыз алдында бәршемиз бас ийип тәжим етиўимиз, соның менен бирге Ўатанымыздың азатлығы, ел-журтымыздың тынышлығы жолында қайтыс болған мәрт жерлеслеримиздиң исмлерин де ҳүрмет-иззет пенен еске алыў, олардың шаңарақ ағзаларына, перзентлерине итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиўди өзимиздиң муқаддес парызымыз, деп билиўимиз зәрүрлигин атап өтти.

Пүткил дүньяда миллионлаған инсанлардың өмирин заялаған, теңсиз жоғалтыўлар, қурбанлықлар ҳәм мүсийбетлер алып келген Екинши жер жүзилик урыс адамзат тарийхындағы ең қорқынышлы, ең қанлы қырғын болғанын ҳеш ким умытпайды. Урыс қарсаңында Өзбекстанда 6,5 миллион халық жасаған. Оған қатнасқан 1,5 миллионнан аслам өзбекстанлылардың ярым миллионнан асламы қайтыс болғаны, және қаншадан-қаншасы майып болып қайтқаны, бир нешеси бийдәрек жоғалғаны есапқа алынатуғын болса, бул жеңис халқымыз ушын қаншелли қымбатқа түскени айқын көринеди.

Халқымыздың урыс жылларындағы ҳақыйқый ерлиги ҳәм мәртлиги пүткил инсаният ушын үлги болып есапланады. Өзбек халқы саўаш майданларынан елимизге эвакуация етилген бир миллионға шамалас адамға өз үйинен орын берди. Олардың арасындағы 200 мың баланы жүзлеген өз шаңарақлары «Сен жетим емессең», деп өз қарамағына алған, ақырғы бир  бөлек нанын олар менен тең бөлискен. Ташкентли Шомаҳмудовлар шаңарағы 14, каттақорғанлы Самадовлар шаңарағы 12, бухаралы Жўраев ҳәм Ашурхўжаевлар шаңарағы 8 баланы өз қушағына алған. Бундай мысалларды және көплеп келтириў мүмкин.

 

 

Еслеў ҳәм қәдирлеў күнин белгилеп атырған усы күнлерде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен пайтахтымыздағы Халықлар дослығы майданына ташкентли темирши Шомаҳмудовлар шаңарағының естелигине ҳүрмет сыпатында қурылған естеликтиң қайта орнатылғаны бул кеңпейилликтиң үлгиси болып есапланады.

Сондай-ақ, генерал Собир Раҳимовтың естелиги Ташкент қаласы Алмазар районы ҳәкимлиги жанындағы бурынғы орнына қайтарылғаны 1941-1945-жылларда Екинши жер жүзилик урыс фронтында мәртлик көрсеткен ўатанласларымыздың естелигин улығлаў жолындағы және бир жақсы қәдем болды.

– 1943-жылы урысқа кеттим, екинши Украина фронтында хызмет еттим, – дейди Самарқанд ўәлаяты Пайариқ районында жасайтуғын Маҳмадали ата Сиддиқов. –  1946-жылы елге қайтып келдим. Сол дәўирлерди еслеў биз ушын азап. Жеңиске үлес қосқан онлаған қураллас досларымыздың қойымшылығы басқа журтларда қалып кетти. Урыстан соң Самарқанд оқытыўшылар таярлаў мектебин тамамлап, узақ жыллар жасларға билим бердим. Жасым 96 да, төрт перзент, қырқтан зыят ақлық-шаўлық көрдим. Бүгинги байрам, Президентимиздиң итибары кеўлимизди толып-тастырды. Усындай күнлерге жеткергенине шүкир. Илайым елимизде мийрим-шәпәәт, татыўлық жоғалмасын. Елимиз бәрқулла тыныш, халқымыз аман болсын!

Сахнада ҳәм үлкен мониторда Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы турмыс сәўлелендирилген көринислер өтеди.

…Өзбекстан көркем өнер ғайраткери Туроб Тўланың «Ана монологи» жаңлады.

Атақлы диктор Юрий Левитанның урыс басланғаны ҳаққындағы дағазаны оқыған даўысы жаңлады. Жигитлер Ўатанды қорғаўға атланады. Мониторда Екинши жер жүзилик урыстың ўақыялары сәўлеленеди.

Быйылғы Еслеў ҳәм қәдирлеў күни илажларында Екинши жер жүзилик урыста халқымыздың тынышлығы ҳәм аманлығы жолында өз жанын пидә еткен бабаларымызды еслеў, бүгин арамызда болған ветеранларымыздың кеўлин көтериў, өмирине-өмир қосыўдай жоқары мәртебели мақсет гөзленген. Олардың қаҳарманлығы кеўиллеримизге мақтаныш сезимин бағышлайды.

– Бүгинги илаж елиңизде ветеранларға көрсетилип атырған ҳүрмет-иззеттиң аның үлгиси болды, – дейди Америка Қурама Штатларының елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Памела Спратлен ханым. – Байрамға Өзбекстанның барлық аймағынан нуранийлар мирәт етилген. Әскерий кийим кийген жигит-қызлар оларға хызмет көрсетпекте. Ғаррыларға иззет-ҳүрметли, мийрим-шәпәәтли болыў халқыңызға тән жоқары пазыйлет. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында бүгинги тыныш-татыў, ығбал-бахытлы күнлерди тәмийинлеўге үлес қосқан ветеранлардың ҳүрметин орнына қойыў ҳәм турмысын мазмуны сәйкес  байытыў жолындағы бул ҳәрекетлер мақтаўға ылайық.

Байрам бағдарламасында шайырларымыз бенен көркем өнер шеберлеримиздиң қосық ҳәм намаларына кең орын берилгени Еслеў ҳәм қәдирлеў күниниң мазмун-мәнисине сай келген. Ҳамид Алымжанның «Фашизм бәлеси», Зулфияның «Урысқа кеткен улға», Ғафур Ғуламның «Сен жетим емессең» қосықларының авторларынан жазып алынған үзиндилер еситтирилгенде, жүреклер толқып-тасты.

…Кемтардың «Фронттан хат»,  Ҳабибийдиң «Көргим келер», Ғафур Ғуламның «Жигит аман болса», Константин Симоновтың «Жди меня», Яков Галцкийдиң «Синий платочек» қосықларына нама жазылған қосықлар жаңлады.

Концерт әскерий оркестрдиң ҳәм миллий атқарыўшылардың қатнасыўында даўам етти. Урыс тамамланып, жеңиске ерисилгенин Юрий Левитан жәриялайды.

73 жыл бурынғы бул қуўанышлы хабар, және бир мәрте илаж қатнасыўшыларын толқынландырып жиберди.

– Биз бахытлы әўладпыз, тыныш татыў елде жасап атырмыз, – дейди Ташкент темир жол транспорт кәсип-өнер колледжиниң оқыўшысы Илҳом Тўлахўжаев. – Бунда ата-апаларымыздың, барлық нуранийларымыздың үлеси шексиз. Президентимиздиң атап өткениндей, оларға ғамқорлық етиў, өмирлерин узайтыў ушын барлық шараятларды жаратыў ҳәммемиздиң перзентлик миннетимиз.

– Өзбекстанда Еслеў ҳәм қәдирлеў күни белгиленип атырғанының негизинде жүдә үлкен мазмун-мәни бар, дейди Японияның елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ито Нобуаки. – Екинши жер жүзилик урыс болып өткенине көп ўақыт болды, бирақ оннан шығарылатуғын сабақ, шешимлер еле тамам болғаны жоқ. Бул болса жеңистиң қәдир-қымбатын арттырады. Өзбек халқы мине усы үлкен жеңиске мүнәсип үлес қосқаны менен мақтанады. Президент Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеўинде фашизмге қарсы гүресте қайтыс болған өзбекстанлылардың естелигин яд етиў, олардың руўхына ҳүрмет келтириў зәрүрлигин атап өтти. Шынында да, еслеў бүгинги әўладты тынышлықты қәдирлеўге үйретеди. Президентиңиз, сондай-ақ, Өзбекстанның Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм басқа да еллер менен бирге ислесиўи буннан былай да беккемленип баратуғынын атап өтти. Биз бул қатнасықларды жүдә қәдирлеймиз. Өз-ара бирге ислесиўимиз буннан кейин де избе-из ен жаятуғынына исенемиз.

Урыс жылларының аянышлы естеликлери, бүгинги тыныш-абадан турмыстың қәдири сәўлеленген көркем бағдарламалар қатнасыўшыларда умытылмас тәсир қалдырды.

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни елимиздиң барлық аймақларында кеңнен белгиленбекте.

 

Зиёдулло ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзА ның хабаршылары