Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қ а р а р ы

Елимизде аймақлардың социаллық-экономикалық потенциалын арртырыў ҳәм турмыс дәрежеси менен абаданлығының турақлы өсиўине имканият беретуғын жедел исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға ҳәм хошаметлеўге, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды енгизиўге, илим ҳәм инновациялық жумыстың жедел раўажланыўы ушын зәрүр шараятларды жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Соның менен бирге, өткерилген талқылаў нәтийжелери елимизде жедел исбилерменликти ҳәм иннвоациялық жумысты раўажландырыў ушын шараятларды буннан былай да жақсылаўға тосқынлық ететуғын, соның ишинде, төмендеги бир қатар системалы машқалалар бар екенлигинен дәрек береди:

бириншиден, аймақлардың бар ресурс базасын ҳәм потенциалын есапқа ала отырып, алдынғы ҳәм заманагөй инновациялық қолланбалар, технологиялық жойбарлар-стартаплар менен инновациялар базарын системалы талқылаў жолға қойылмаған;

екиншиден, инновациялық жойбарлар-стартапларға инвестицияларды тартыў, өндирис ҳәм хызметлер көрсетиў тараўына инновацияларды жедел енгизетуғын қәбилетли исбилерменлердиң жумысына көмеклесиў ҳәм муўапықластырыў жумыслары  зәрүр дәрежеде әмелге асырылмай атыр;

үшиншиден,  инновациялық раўажланыў тараўында, әсиресе орынларда исбилерменлик орталығы төмен дәрежеде, сондай-ақ, инновациялық ҳәм табыслы технологиялық жойбарлар-стартапларды ислеп шығыў ҳәм алға қойыў бойынша зәрүр көнликпелерге ийе исбилерменлердиң жетиспеўшилиги сақланып қалмақта;

төртиншиден,  инновациялық идеялардың, қолланбалар менен технологиялардың мағлыўматлар базасы жоқ, жаңа ресурсларды жаратыў ҳәм тәжирийбени бизнес-структураларға өткериў әмелияты раўажланбастан қалмақта;

бесиншиден,  инновациялық қолланбалардың базарын қоллап-қуўатлаў механизмлери төмен дәрежеде ислеп шығылған, инновациялық идеялардан нәтийжели пайдаланыўды муўапықластырыў жолға қойылмаған, инновациялық қолланбалардың сапасы болса базар талапларына жуўап бермейди;

алтыншыдан, инновациялық қолланбалар, технологиялық жойбарлар- стартаплар тараўына техника жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери менен қәбилетли жасларды тартыўға, сондай-ақ, бизнес-инкубаторларды жаратыўға зәрүр дәрежеде итибар қаратылмай атыр;

жетиншиден, халық арасында инновациялық исбилерменликти ғалаба ен жайдырыў жумыслары нәтийжели алып барылмай атыр, инновациялық өнимлерди ҳәм хызметлерди ислеп шығыўға ҳәм алға илгерилетип тартыўда техникалық ҳәм психологиялық тосқынлықлар сақланып қалмақта.

Бар машқалаларды шешиў және жедел исбилерменликти раўажландырыў, инновациялар базарының қәлиплесиўи ҳәм хызмет көрсетиўи, сондай-ақ, жергиликли ҳәм шет елли инновациялық қолланбаларды экономиканың реал секторына алға қойыў ушын қолайлы ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятларды жаратыў мақсетинде:

1. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында инновациялық жойбарлар-стартапларды ислеп шығыў, сынақтан өткериў ҳәм өзлестириў, инновациялық жумыстың нәтийжелерин трансферлеў ҳәм коммерцияластырыўды әмелге асыратуғын Инновациялық идеялар, қолланбалар ҳәм технологиялар орайларын (кейинги орынларда орайлар деп аталады) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Орайлар өз жумысын исбилерменлик тийкарында әмелге асыратуғыны ҳәм шөлкемлестирилген ўақыттан баслап бес жыл мүддетке барлық түрдеги салықларды төлеўден азат етилетуғыны белгиленсин.

2. Төмендегилер орайлардың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

өндиристиң ҳәм хызметлердиң жаңа ҳәм заманагөй           түрлерин жаратыў мақсетинде аймақлардың потенциалы менен ресурс базаларын терең изертлеў;

инновациялық идеяларды, қолланбаларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде инновациялық менеджментти раўажландырыў;

жаңа ҳәм талап жоқары болған өним (жумыс, хызмет)лерди ислеп  шығыў бойынша инновациялық жойбарлар-стартапларды, соның ишинде, шет елде қолланылатуғын алдынғы усыллар менен технологиялардан пайдаланған ҳалда ислеп шығыў, сынақтан өткериў ҳәм өзлестириў;

инновациялар базарының маркетинг изертлеўлерин өткериў, ислеп шығарылған инновациялық өним (жумыс,хызмет)лер базарларын қәлиплестириў, олардың базар талапларына бағдарланыўы ҳәм бейимлесиўи ушын усыныслар ислеп шығыў;

инвесторларды ҳәм инновациялық өним (жумыс, хызмет) лердиң  тутыныўшыларын излеп табыў жолларын, соның ишинде, инновациялық инфраструктура субъектлери арасында кооперацияны раўажландырыў арқалы шөлкемлестириў;

инновациялық жумысты әмелге асырыў мәселелери бойынша мәпдар шахслардың кең шеңберине мәсләҳәт бериў, халық пенен исбилерменлик субъектлери арасында инновациялық идеяларды, қолланбаларды ҳәм технологияларды ғалаба ен жайдырыўға қаратылған реклама менен көргизбе илажларын шөлкемлестириў;

биргеликтеги инновациялық жйобарларды әмелге асырыў мақсетинде өндирис кәрханалары, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери, стартаплар және санаат ҳәм аўыл хожалығының тийкарғы тармақларындағы басқа да шериклер менен инновациялық бирге ислесиўди раўажландырыў;

инновациялық жумыстың ислеп шығылған ҳәм табыслы сынақтан өткерилген нәтийжелерин алға қойыў ҳәм коммерцияластырыў.

3. Орайларды шөлкемлестириўде төмендегилер мәмлекетлик – жеке меншик шерикликтиң тийкарғы шәртлери етип белгиленсин:

орайларды шөлкемлестириў ҳәм оларға тийисли инфраструктураны (транспорт байланыслары, автостанциялар, автобандиргилер бар екенлиги ҳәм т.б.) қурыў ушын зәрүр жер участкалары, бос имаратлар меншик шериклерге ҳақы өндирилмей, бурынғыдан өзгеше тәризде тиккелей сөйлесиўлер тийкарында ажыратылады;

орай имаратларын қурыў ушын жер участкаларын таңлаў белгиленген тәртипте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен, Өзбекстан Республикасы Инновациялық  раўажланыў министрлиги менен келисилген ҳалда әмелге асырылады;

мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шериклер теңлик тийкарында орайлардың шөлкемлестириўшиси сыпатында қатнасады;

мәмлекетлик – жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим орайлар мәмлекетлик дизимнен өткерилген күннен баслап жигирма жыл мүддетке шекем дүзиледи;

орайлар жумысының бағдары мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисим әмел етилиўиниң пүткил мүддети даўамында сақланып қалады;

орайлардың интеллектуаллық мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериўге жумсалған қәрежетлерин қаплаў Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан әмелге асырылады;

мәмлекет шериги экономика тармақларына инновацияларды енгизиўди хошаметлеў. соның ишинде, ислеп шығарылатуғын өнимлерди мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде коммерцияластырыў имканиятларын кеңейтиў бойынша шараятларды жаратыўға көмеклесиў миннетлемесин алады;

мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шериклердиң ҳуқықлары менен миннетлемелери, сондай-ақ, мәмлекетлик жеке меншик шерикликтиң басқа да шәртлери мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шериклери арасында Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры Бақлаў кеңесиниң разылығы  менен дүзилетуғын келисимлерде белгиленеди.

4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 22-январьдағы «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы ПП-5308-санлы Пәрманы менен төмендегилер 2023-жыл 1-январьға шекем мүддетке бирден-бир социаллық төлемнен тысқары, барлық түрдеги салық ҳәм мәжбүрий төлемлер төлеўден азат етилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

жоқары технологиялы исбилерменлик жойбарлар-стартапларды биргеликте қаржыландырыў ушын шөлкемлестирилетуғын венчур қорлар;

венчур қорлардан биргеликте қаржыландырылатуғын жоқары технологиялы жойбарлар-стартаплар;

илимий-изертлеў мәкемелери, инновациялық орайлар, жойбарлаў-конструкторлық бюролары өзлериниң жаңа технологияларын исбилерменлерге сатыўдан (пайдаланыўға бериўден) алынған дәраматлар бойынша;

жаңа технологияларды жергиликли исбилерменликке трансферлейғын шөлкемлер бул жумыстан алынған дәраматлары бойынша.

Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары басшыларынан олардың тармақ қәнигеликлерин есапқа ала отырып, қаржылары орайлардың изертлеўлерин ҳәм қолланбаларын қаржыландырыўға бағдарланатуғын, соның ишинде, олардың устав капиталына кириў арқалы корпоратив венчур қорларды шөлкемлестириў усыныс етилсин.

5. Орайлар ушын Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қорының инновациялық жойбарларды қаржыландырыў улыўма көлеминиң 10 процентинен аз болмаған муғдардағы қаржыларын резерв етиў нәзерде тутылатуғыны;

орайларды мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлеринде шөлкемлестириўде мәмлекет шериги сыпатында Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги, басқа да мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар ҳәм шөлкемлер қатнасыў мүмкин екенлиги;

жеке меншик жойбарларды таңлап алыўдың тийкарғы өлшемлери мәмлекетлик шериги тәрепинен белгиленетуғыны;

келисим жеке меншик шериклердиң басламасы менен бийкар етилгенде олардың орайларды шөлкемлестириўдеги қәрежетлери қапланбайтуғыны, қурылысы тамамланбаған объект мәмлекет мүлкине өткерилетуғыны ҳәм жеке меншик шериклерди излеп табыў усы қарарға муўапық қайтадан өткерилетуғыны;

орайлардың қурылып атырған имаратларына барлық керекли сыртқы инженерлик-коммуникация тармақларын, коммуналлық инфраструктураларды алып келиў электр энергиясы бөлеги бойынша – «Өзбекэнерго» АЖ есабынан, газ тәмийнаты бөлеги ушын – «Өзтрансгаз» АЖ есабынан, телекоммуникация тармақлары бөлеги ушын – «Өзбектелеком» Аж есабынан, автомобиль жолларын қурыў бөлеги ушын – Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Республикалық жол қоры есабынан, суў тәмийнаты, канализацяиларды ҳәм автостанцияларды қурыў бөлеги бойынша – Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қаржылары есабынан орайларды шөлкемлестириў бойынша мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимде белгиленген мүддетлерди есапқа алған ҳалда әмелге асырылатуғыны;

орайлардың имаратлары пайдаланыўға қабыл етилгеннен кейин жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары қолайлы транспорт бағдарлары менен жолаўшы транспортының бир бапта ислеўин шөлкемлестиретуғыны белгилеп қойылсын.

6. Коммерциялық банклерге орайлар тәрепинен инновациялық идеяларды, қолланбаларды ҳәм технологияларды әмелге асырыўда, соның ишинде, орайларға ҳәм басқа да исбилерменлик субъектлерине жеңиллетилген кредитлерди ажыратыў арқалы кеңнен қатнасыў усыныс етилсин.

7. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Инвестициялар бойынша мәмлекетлик комитети:

еки ай мүддетте потенциал инвесторларды излеп табыў ҳәм олар менен сөйлесиў қарарда белгиленген мәмлекетлик – жеке меншик шериклик шәртлеринде орайларды шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимлерди дүзиўди;

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте орайларды шөлкемлестириўде қатнасыўға тартыў, соның ишинде, грант ҳәм қәўендерлик қаржыларын ажыратыў мақсетинде халықаралық ҳәм шет елдеги шөлкемлер, қаржы институтларының ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткериўди;

бир ай мүддетте Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги жанында орайларға ислеп шығарылатуғын өнимлерди, соның ишинде мәмлекетлик сатып алыўлар шеңберинде коммерцияластырыў имканиятларын кеңейтиўде ҳәр тәреплеме көмеклесетуғын Орайлардың қолланбаларын коммерцияластырыў бирден-бир орайын шөлкемлестириў ҳаққында усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизиўди;

Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте усы қарардың мазмун-мәнисин кеңнен сәўлелендириў және халық ҳәм исбилерменлик субъектлерине жеткериўди тәмийинлесин.

Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигине усы қарар шәртлерин қолланған ҳалда район (қала)ларда орайларды шөлкемлестириўге руқсат етилсин.

8. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери үш ай мүддетте мәмлекетлик ҳәм жеке меншик шериклердиң мүрәжатлары бойынша орайларды шөлкемлестириў ушын жер участкалары ямаса бос имаратларды, соның ишинде, орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелери оптималластырылыўы есабынан босайтуғын имаратларды ажыратыўды тәмийинлесин ямаса оларды үлги жойбарлар бойынша қурылатуғын мәмлекетлик хызметлер орайларының имаратларында жайластырылыўын нәзерде тутсын.

9. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н. Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас мнистриниң орынбасары С.Р. Холмурадовқа, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры О.Б. Мурадовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы инновациялық раўажланыў министри И.Ю. Абдурахмановқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2018-жыл 5-май