Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалының 3-курс студенти Қабылбай Тоқсанбаев барлық тутыныўшылар ушын әҳмийетли болған бағдарлама ислеп шықты. 8-май күни Өзбекстан Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы тәрепинен өткерилген ушырасыўда усы бағдарламаның  презентациясы болып өтти.

– Бул бағдарлама мобиль телефонларға орнатылады. Оны қолланыў арқалы тутыныўшыларың ҳуқықларын қорғаўға байланыслы нызамларды аңсат билиўге болады, – дейди бағдарламаны ойлап тапқан студент Қ.Тоқсанбаев.

Қ.Тоқсанбаевтың өзи Федерацияның «Жас тутыныўшылар дөгереги» ағзасы. Дөгерек белсендиси сыпатында ол усы бағдарда мониторинг жумысларын әмелге асырып, жаслар арасында нызамларды үгит-нәсиятлап келмекте.

Ушырасыўда жаңалық ийесине Федерация тәрепинен планшет саўға етилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы