Қанлыкөл районында 9-май «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен байрам илажлары кең түрде шɵлкемлескенлик пенен өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Байрам илажында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагɵйлер театры жәмәәтлери, Арқабатыс әскерий округи «Миллий ватанпарвар» ансамбль топары ҳәм Қанлыкɵл районы мәденият бɵлиминиң кɵркемнер ғайраткерлери район халқына байрам тамашаларын усынды.

Байрам район орайындағы «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл шеңберлер қойыў менен басланып, район кɵшелеринде ҳәм «Бахытлы» дем алыў паркинде даўам еттирилди.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги