Алдын хабар бергенимиздей, пайтахтымыздың Қубла автовокзал ҳәм амфитеатр аралығында Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен марафон өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы Тәрбия Сейтназарова марафон қатнасыўшылары болған жаслар менен сәўбетлеспекте.

 

 

– Еслеў ҳәм қәдирлеў дүньядағы ең жоқары қәдирият есапланады. Бул байрам елимизде кең түрде белгиленеди. Бүгин де үлкен байрам. Сәне мүнәсибети менен өткерилип атырған марафонға қатнасып атырман. Мен сыяқлы жаслардың тийкарғы мақсети марафонда жеңип шығыў емес, саламатлығымыз ушын ҳәрекет етиўден ибарат болмақта. Байрамда усындай ғалабалық акциялар өткерилип атырғаны халқымыздың тынышлық ҳәм парахатшылықтың қәдирине жетип, буның ушын аянбай мийнет етиўине түртки болады, – дейди Нөкис спорт колледжиниң оқыўшысы, спорттың таеквондо түри бойынша бес мәрте Өзбекстан чемпионы, марафон қатнасыўшысы Зухратдин Сәтбаев.

Байрам орынларынан онлайн репортажларымыз даўам етеди. Бизди бақлап барың.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги