9-май Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси әскерий бөлимлер менен ислесиў бөлими баслығы А.Нурыллаев басшылығындағы арқа батыс әскерий округи әскерий оркестри топары ағзалары Қанлыкөл районы аймағындағы урыс ветеранлары Қосуақов Қазақбай ҳәм Наметуллаев Оразбайлардың үйлеринде мийманда болды ҳәм оларды байрам менен қутлықлады.

Илаж даўамында урыс дәўирин еслетиўши әскерий формадағы әскерий оркестр топары ағзалары урыс дәўириндеги қосықлары менен ветеранлардың жаслық дәўирлеринде айтылған қосықларды айтып берди, әскерий оркестр топар ағзалары тәрепинен жанлы айтылған қосықларды еситкенде ветеранлар да қосылып айтып, ойынға түсти.

Әскерий оркестр топары ағзалары тәрепинен шөлкемлестирилген әскерий концерт бағдарламасы ветеранларға есте қаларлық саўға болды.

ҚХА